“Өзбекстан – 2030” стратегиясы: реал шараятқа сәйкес, өлшеў ҳәм баҳалаў имканияты бар көрсеткишлер ҳүжжетке киргизилди

22

2026-жыл 16-февраль күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Мәмлекетти раўажландырыўдың 2030-жылға шекем мөлшерленген тийкарғы бағдарлары шеңберинде реформаларды избе-из даўам еттириў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы пәрманына қол қойылды.

Усы пәрман менен 2026-2030-жылларға мөлшерленген “Өзбекстан – 2030” стратегиясы тастыйықланды ҳәм онда 100 мақсет ҳәм оларға ерисиў бойынша 437 нәтийжелилик көрсеткиши белгиленди, алдынғыда 444 еди. Соннан 102 көрсеткиш өзгериссиз қалдырылып, 95 и жаңа редакцияда берилди ҳәм 240 жаңа көрсеткиш киргизилди.

Усы жерде сораў туўылыўы мүмкин: “Өзбекстан – 2030” стратегиясының ең әҳмийетли тәреплери неде? Стратегиялық режелер бәринен бурын мәмлекетимиз басшысы атап өткен жаңа ўазыйпа ҳәм жоқары шеклерден келип шығып белгиленгенин атап өтиў керек. Буның әҳмийетли тәрепи, реал шараятқа сәйкес, өлшеў ҳәм баҳалаў имканияты бар көрсеткишлер итибарға алынып, ҳүжжетке киргизилди.

Онда атап өтилген көрсеткишлер болса 2030-жылға шекем жыллық түрде әмелге асырылады. Стратегияда ҳәр бир министрлик ҳәм уйым өз орнын тапты, соның ишинде, 60 қа шамалас мәмлекетлик уйымларға тийисли ўазыйпалар қойылып, ҳәр бир нәтийжелилик көрсеткишиниң финанслық дәреги анық көрсетилди.

Абдулла АБДУҚОДИРОВ, Стратегиялық раўажланыў ҳәм реформалар агентлиги директорының биринши орынбасары:

– 2017-жылдан берли мәмлекетлик басқарыўға белгили бир системаны киргизиўге ҳәрекет етип атырмыз ҳәм оның тийкарғы бағдарларынан бири, бул стратегиялық басқарыў, – деп пикирин баслады Абдулла Абдуқодиров. – Бул неси менен әҳмийетли? Буны бәринен бурын қәдириятлар мәселеси менен байланыстырған болар едим. Ҳәр бир жәмийет ең дәслеп өз қәдириятын анықлаўы ҳәм оған ерисиў жолындағы ҳәрекетлерди өз ҳүкиметинен күтиўи керек. Демек, бул арқалы жәмийет пенен мәмлекет арасында қарым-қатнас қәлиплеседи. Не ушын қарым-қатнас, десек, мәмлекет жәмийеттен қандай талаплар алға қойылып атырғаны, қандай зәрүрликлер пайда болып атырғанын, соны бақлап барыўы ҳәм билиўи керек.

Сөйлесиўдиң нәтийжеси болса келисим болады. “Өзбекстан – 2030” стратегиясына болса жәмийет пенен мәмлекет арасындағы келисим, шәртнама, деп қараўымыз керек. Бул – жәмийет талапларын өзинде жәмлеген, мәмлекет тәрепинен қабыл етилген ҳәм бес жыллық перспективаға қаратылған бағдарлама болып есапланады. Бунда анықлық бар, яғный жыллар кесиминде бағдарлар менен байланыслы ерисилиўи керек болған мақсетлер бар. Бул көрсеткишлерге ерисиў мәселелерин жәмиет бақлап барыўы керек.

Ҳақыйқатында да, пәрманда Стратегияның орынланыўын қадағалаў илажлары да анық белгиленген. Атап айтқанда, оған бола, “Өзбекстан – 2030” стратегиясы мақсетлериниң нәтийжелилик көрсеткишлерине ерисиў барлық дәрежедеги министрликлер ҳәм уйымлар, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары, хожалық бирлеспелериниң ең тийкарғы ўазыйпасы есапланады, бул бойынша олардың биринши басшыларына жеке жуўапкершилик жүкленеди.

Тараў, тармақ ҳәм аймақларды раўажландырыў бойынша стратегиялық режелестириў ҳүжжетлери “Өзбекстан – 2030” стратегиясы мақсетлериниң нәтийжелилик көрсеткишлерине ерисиўге қаратылған ҳалда ислеп шығылады.

Ҳәр жылы Өзбекстан Республикасының консолидацияласқан бюджетин қәлиплестириўде “Өзбекстан – 2030” стратегиясы мақсетлериниң нәтийжелилик көрсеткишлери есапқа алынады.

Пәрманға тийкарланып, “Өзбекстан – 2030” стратегиясын әмелге асырыў бойынша республикалық комиссия дүзилди. Бул комиссия Стратегияның толық, өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын шөлкемлестиреди ҳәм муўапықластырады.

Стратегиялық раўажланыў ҳәм реформалар агентлиги “Раўажланыў стратегиясы” орайы ҳәм “Юксалиш” ҳәрекети менен биргеликте Стратегия мақсетлериниң нәтийжелилик көрсеткишлерине ерисилиўи үстинен мониторинг жүргизеди.

Мониторинг нәтийжелери тийкарында ҳәр ярым жылда Өзбекстан Республикасы Президенти, Министрлер Кабинети ҳәм Республикалық комиссияға мәлимлеме киргизип барылады. Министрлер Кабинети Олий Мажлис Нызамшылық палатасына есабат усынады. Стратегиядағы ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм сапалы орынлаған шөлкемлердиң басшы ҳәм хызметкерлери хошаметленип барылады.

Улыўма айтқанда, “Өзбекстан – 2030” стратегиясы мәмлекетимиздиң орта мүддетке мөлшерленген раўажланыў жолын белгилеп берди. Ол халқымызды улыўма мақсет әтирапында бирлестирип, ҳәр бир инсанның турмысында көринеди. Бул болса халықтың абаданлығын тәмийинлеўде гезектеги әҳмийетли ҳүжжет ўазыйпасын атқарады.

ӨзАның хабаршысы Абдулазиз РУСТАМОВ

жазып алды.