“Екинши имканият” жойбары басланады
8

“Көксарай” резиденциясында Президент Шавкат Мирзиёевтиң жаслар менен сөйлесиўи даўам етпекте.
Жазаны орынлаў мәкемелеринде жаза мүддетин өтеп болған жаслардың социаллық турмысқа тез бейимлесиўин тәмийинлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Буның ушын “Екинши имканият” жойбары басланады.
Бундай жаслар 8-12 айлық интенсив курсларда программаластырыў, веб-дизайн, компьютер инженерлиги, басқа да кәсиплер ҳәм шет тиллерге оқытылып, дәраматлы жумысқа ийе болады.
Бул система 1-июньнен Наўайы, Қашқадәрья ҳәм Ташкент ўәлаятында, келеси жылдан болса барлық аймақларда енгизиледи.
Мәмлекетимиз басшысы сөзин жуўмақлағаннан соң, жаслар менен пикирлесиў басланды.
Ҳәзирги ўақытта илажда жуўапкерлердиң есабатлары, жаслардың пикир-усыныслары тыңланбақта.
ӨзА