Президент Оқыў орайлары ассоциациясын шөлкемлестириў бағдарындағы басламаны қоллап-қуўатлады

10

Шет тили сертификатын алған жасларға имтихан ҳәм оқыў қәрежетин қаплаў жолға қойылғаны үлкен нәтийже берди. Сертификатқа ийе жаслар 600 мыңнан асты. Ең әҳмийетлиси, шет тиллерди жетик билетуғын 72 мың инструктор пайда болды.

Жаратылған шараятлардың есабынан жеке меншик оқыў орайларының саны 3 есеге көбейип, 38 мыңнан асты.

Бул бағдардағы жас исбилерменлер Оқыў орайлары ассоциациясын шөлкемлестириў басламасы менен шыққан. Президентимиз оны қоллап-қуўатлады.

Буннан былай ассоциацияға ағза болған жеке меншик оқыў орайларына имаратын ижараға берген исбилерменлер ижара дәраматы ҳәм пайда салығын төлеўден азат етиледи.

Бундай орайлардың оқытыўшыларын Жаслар ислери агентлиги есабынан АҚШ, Уллы Британия, Сингапур, Япония сыяқлы алдынғы билимлендириў орайларына стажировкаға жибериў жолға қойылады.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң “Көксарай” резиденциясында жаслар менен сөйлесиўи даўам етпекте.

ӨзА