Жаслардың ең жақсы 40 стартап жойбарын қаржыландырыў ушын 2 миллиард сум ажыратылады

Президент Шавкат Мирзиёевтиң “Көксарай” резиденциясында жаслар менен сөйлесиўи даўам етпекте.
Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм Жаслар ислери агентлиги “Өз пикириңди бер (Voice Up)” инклюзив дем алыў орнын шөлкемлестирип, жаслардың басламасы тийкарында оннан аслам жойбарларды әмелге асырды.
Енди бул жойбарды ҳәр бир аймақта өткерип, 1 мың жасты қамтып алыў, ең жақсы жойбарларды усыныс еткен жаслардың қатнасыўында Самарқанд қаласында Халықаралық инклюзив жаслар дем алыў орайын шөлкемлестириў тапсырылды.
“Өсиў ҳәм раўажланыў (Upshift)” стартап жойбары кеңейтилип, усы жылы медиа, дизайн, өнерментшилик, өндирис ҳәм инновация бағдарларында да таңлаў өткериледи.
Жаслардың ең жақсы 40 стартап жойбарын қаржыландырыў ушын 2 миллиард сум ажыратылады.
ӨзА