Перзентлер тәрбиясына бийпәрўа қарап болмайды!

2025-жылғы Мәмлекетлик бағдарламада мийнет жәмәәтлеринде “Жуўапкер ата-ана” жойбарын кеңнен енгизиў мәселеси әҳмийетли ўазыйпа сыпатында белгиленген еди.
Бул бийкарға емес, әлбетте. Себеби, бүгинги күнде айырым ата-аналар перзентлериниң тәғдирине бийпәрўа қараўы, бундай жуўапкершиликли ўазыйпаны өзинен жырақ тутып, гейде тек ғана мектеп ҳәм муғаллимлерге жүклеп қойыўы сыяқлы жағдайға ҳеш қашан көз жумыў мүмкин емес.
Пәрманға бола, “Жуўапкер ата-ана” нормалары бойынша тренинг бағдарламасы ҳәм тренерлер ушын оқыў-методикалық қолланба ислеп шығыў, темаға байланыслы баянат текстлери, презентациялар, тарқатпа материаллар, көргизбели үгит-нәсиятлаў қураллары, видеороликлер, буклет ҳәм флайерлер таярлаў бойынша системалы жумысларды алып барыўға айрықша итибар қаратылды.
Бул жойбардың нәтийжели әмелге асырылыўында тийисли шөлкемлер менен бирге “Шаңарақ ҳәм гендер” илимий-изертлеў институты да өзине тән үлес қоспақта.
Айтып өтиў керек, жойбарда тек ғана аналықты ҳәм балалықты қорғаў мәселелери емес, ал жақын туўысқанлар арасындағы некениң алдын алыў, ата-аналарға педагогикалық-психологиялық билимлер бериў, олардың экономикалық билимданлығы, шаңарақтың руўхый-әдеп-икрамлылық орталығы, шаңарақта саламат турмыс тәризин раўажландырыў мәселелери ашып берилген.
“Шаңарақ ҳәм гендер” илимий-изертлеў институты мәлимлеме хызметиниң мағлыўматларына бола, жойбарды әмелге асырыў бойынша бир қатар жумыслар орынланған. Соның ишинде, медицина хызметкерлери, экономистлер, педагоглар, психологлар ҳәм социологлардан ибарат экспертлер топары қәлиплестирилди.
Бул топар тәрепинен бул мәселе бойынша 10 нан аслам сырт мәмлекетлердиң тәжирийбелери үйренилди. Экспертлер топары тәрепинен “Жуўапкерли ата-ана” атамасында оқыў қолланба таярланды ҳәм Институт тәрепинен 10 мың нусқада басып шығарылды.
Жойбарды әмелиятқа енгизиў нәтийжелилигин тәмийинлеў мақсетинде “Ата-анаға таярлық”, “Ата-ананың репродуктив саламатлығы”, “Ата-ананың педагогикалық-психологиялық көнликпелери”, “Ата-ананың экономикалық билимданлығы” ҳәм “Шаңарақтың руўхый-әдеп-икрамлылық орталығы” атлы қолланбалар да таярланды.
“Жуўапкерли ата-ана” жойбары шеңбериндеги әмелий шынығыўлар ушын жумыс дәптери”, “Жас ата-аналар ушын перзент дәптери” ислеп шығылды.
Ата-аналардың жуўапкершилигин арттырыўға қаратылған 8 видеосабақ, 1 социаллық ролик, 3 видеорепортаж ҳәм 10 үгит-нәсиятлаў материаллары жаратылды.
Әлбетте, бул бағдардағы жумысларды және де күшейтиў ҳәм жетилистириў әҳмийетли. Себеби, елимиздиң ертеңги күни бүгинги әўладтың қолында. Солай екен, тәрбияда бослық ҳәм бийпәрўалыққа, итибарсызлыққа жол қойып болмайды.
Назокат Усмонова,
ӨзАныӊ хабаршысы