Президенттиң жаслар менен сөйлесиўи басланды

28

Президент Шавкат Мирзиёевтиң “Көксарай” резиденциясында жаслар менен сөйлесиўи басланды.

Ушырасыўда Қарақалпақстан, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы студиялардан 60 мыңнан аслам жаслар ўәкиллери қатнаспақта.

Мәмлекетимиз басшысы жыйналғанларды қызғын қутлықлады.

– Елимиздеги 22 миллионнан аслам жасларымыз тымсалында биз оғада үлкен экономикалық, жәмийетлик ҳәм сиясий күшти көремиз, – деди Президентимиз.

Ҳәр бир министр, ҳәким, жоқары оқыў орны ректоры, техникум, мектеп директоры ҳәм басқа да жуўапкерлер аймағындағы жасларды тил ҳәм кәсип үйрениўи, спорт пенен шуғылланыўы, идея, жойбар ҳәм стартапына жәрдем берип, оларды өсириўи, жумыслы ҳәм дәраматлы етип, ҳеш бир жасты итибардан шетте қалдырмаўға және де үлкен жуўапкершилик пенен қатнас жасаўы керек екенлиги атап өтилди.

ӨзА