Энергетика тараўындағы жойбарларды жеделлестириў илажлары додаланды

Президент Шавкат Мирзиёев ири энергетика жойбарларын әмелге асырыў, энергия системасының турақлылығын тәмийинлеў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.
Сын көзқарастан таллаў руўхында өткен мәжилисте атап өтилгениндей, мәмлекетимизде электр энергиясы бойынша улыўма генерация қуўатлықлары 25,8 мың мегаваттқа жетти. Соннан қуяш, самал ҳәм гидроэнергетика 8 мың мегаватты, яғный улыўма көлемниң 31 процентин қурамақта. 2026-жылы электр энергиясын ислеп шығарыў көлемин 90 миллиард киловатт-саатқа жеткериў режелестирилген болып, бул 2020-жылға салыстырғанда 40 процентке өсиў дегени.
Усы жылы экономикалық өсиў ҳәм тармақларда өндирис көлемлериниң артыўы есабынан электрден пайдаланыў және 1 миллиард киловатт-саатқа артыўы күтилмекте. Усы мүнәсибет пенен халық ҳәм экономика талапларына сәйкес түрде энергия ресурсларын үзликсиз жеткерип бериў, тармақларды жаңалаў, инвестицияларды көбейтип, ири жойбарларды өз ўақтында иске қосыў биринши гезектеги ўазыйпа сыпатында белгиленди.

Бүгинги күн жағдайына бола, жанылғы-энергетика комплексиндеги инвестиция портфели 133 жойбарды қамтып алған болып, улыўма баҳасы 51,4 миллиард долларды қурамақта. Соннан 43 миллиард долларлық 73 ири жойбар бойынша системалы қатнас жасап, жылдың ақырына шекем 6 мың 770 мегаватт жаңа қуўатлықларды иске қосыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди. Бул 2,8 мың мегаватт қуяш, 2,5 мың мегаватт ыссылық, 470 мегаватт самал, 68 мегаватт гидроэнергетика қуўатлықлары ҳәм 884 мегаватт энергия сақлаў системалары болып есапланады.
Бирақ айырым жойбарларды келисиў ҳәм жер ажыратыўға байланыслы процесслерде ҳәр қыйлы немқурайдылықларға жол қойылып атырғаны ақыбетинде бар жойбарларды кеңейтиў ҳәм жаңаларын баслаў кейинге қалдырылып атырғаны сынға алынды. Жуўапкерлерге жер ажыратыў ҳәм категориясын өзгертиў жумысларын жеделлестириў тапсырылды.
Улыўма етип айтқанда, орынларда энергетиканы раўажландырыў ҳәм энергияны үнемлеўди тәмийинлеўде Энергетика министрлиги ҳәм ҳәкимликлер тығыз бирге ислесиў ҳәм муўапықласыў тийкарында ислеўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

Жойбарларды әмелге асырыўда жергиликли ислеп шығарыўшылар ҳәм өнимлердиң қатнасын және де кеңейтиў әҳмийетли екени атап өтилди. 2025-жылы инвестициялық жойбарларда жергиликли компоненттиң үлеси 737 миллион долларды қураған болса, 2026-жылы бул көрсеткишти 1 миллиард доллардан арттырыў мақсет етилген.
Соның ишинде, өткен жылы трансформатор ислеп шығарыў заводы иске қосылды. Усы жылы жаңа түрдеги кабель ҳәм муфталарды, самал электр станцияларының минәраларын ҳәм пәриклерин локализациялаў жойбарларын иске қосыў, энергияны сақлаў системаларын локализациялаў жойбарын баслаў режелестирилген.
Электр энергиясын ислеп шығарыў көлеми артып атырған шараятта оны тутыныўшыларға өз ўақтында жеткерип бериў мәселеси әҳмийетли екени, бирақ қосымша жоқары күшлениўли магистраль тармақлар қурылмаса, генерация қуўатлықларының тутыныў көлеминен артып кетиў қәўпи бар екенлиги көрсетип өтилди. Өткен жылы электр тармақларын раўажландырыўға ажыратылған қаржыларды өзлестириў пәти жетерли емеслиги атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен жақын жылларда жәми 602 километр узынлықтағы “Толимаржон – Соғдияна,” “Сырдәрья – Ҳалқа” ҳәм “Қаракөл – Нурабад” линияларын, 2030-жылға шекем “Жаңа Ангрен – Наманган” тармағы және “Наманган” подстанциясын қурыў режелери ҳаққында мәлимлеме берилди. Ташкент қаласында 75 километр жоқары күшлениўли тармақлар ҳәм 5 подстанцияны қурыў, 69 километр тармақ ҳәм 18 подстанцияны модернизациялаў, 638 километр төмен күшлениўли тармақлар ҳәм 161 трансформатор шақапшаларын модернизациялаў тапсырылды.

Қоңсы мәмлекетлер менен энергетика системаларын интеграциялаў есабынан ойпатлық ўәлаятларында электр тәмийнатын жақсылаў режелери де додаланды. “Сурхон – Пули-Хумри” жоқары күшлениўли тармағы ҳәм оның подстанцияларының қурылысын жеделлестириў ўазыйпасы қойылды.
Энергия нәтийжелилиги бағдарында еле көп жумыслар ислениўи керек екенлиги атап өтилди.
Тараў ҳәм тармақларда 2026-жылда электр 4 миллиард 378 миллион киловатт-саат электр энергиясы, 2 миллиард 840 миллион куб метр тәбийғый газди үнемлеў ушын системалы ҳәм мәнзилли илажлар көриў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди. Ири кәрханаларда өндирис көлемин өзгертпеген ҳалда энергия жумсалыўын кеминде 10 процентке азайтыў, тармақлар ҳәм социаллық объектлерде энергия нәтийжелилигин арттырыў ушын 200 миллион доллар ресурс тартыў илажлары белгиленди.
Республика аймақларында ыссылық ҳәм когенерация орайларын қурыў бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў тапсырылды. Ташкент қаласының ҳәр бир районында биреўден когенерация орайын шөлкемлестириў жумыслары даўам еттириледи, Юнусабад тәжирийбеси тийкарында аймақларда 7 когенерация орайлары қурылады. Ыссылық станциялары гүзги-қысқы мәўсимде турақлы ислеўин тәмийинлеў мақсетинде олар ушын суйылтырылған газди сақлаў инфраструктурасын қурыў мәселесин үйренип, усыныслар киргизиў тапсырылды.
Мәжилис жуўмағында Президентимиз стратегиялық жойбарларды өз ўақтында иске қосыў, магистраль ҳәм бөлистириўши тармақларды жедел раўажландырыў, энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша тапсырмалар берди.
ӨзА