Ибадуллаев Хайрулло Сайдуллаевичти “Жасорат” медалы менен сыйлықлаў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Россия Федерациясының Санкт-Петербург қаласында жүз берген айрықша ҳәм қыйын жағдайда өз жаны ҳәм денсаўлығын қәўипке қойып, көп қабатлы жайдың жоқарғы бөлиминен төменге қулап түсип атырған жас балаға әмелий жәрдем көрсеткени ҳәм оның өмирин сақлап қалғаны, халқымызға тән жоқары мәртлик, қаҳарманлық ҳәм пидайылық пазыйлетлерин айқын көрсеткени ушын мәрт ҳәм батыр жерлесимиз Ибадуллаев Хайрулло Сайдуллаевич “Жасорат” медалы менен сыйлықлансын.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев