Аўыл хожалығында техникалар парки жаңаланып, санлы шешимлер кеңнен енгизиледи

23

Президент Шавкат Мирзиёев аўыл хожалығын арнаўлы техника менен тәмийинлеў ҳәм тараўға санлы технологияларды кеңнен енгизиў бойынша презентация менен танысты.

Бүгинги күнде аўыл хожалығында механизация дәрежеси 81 процентти қурамақта. Соның ишинде, соңғы жыллары 1 мың 756 пахта териў машинасы сатып алынды ҳәм пахта териминиң механизацияласыў дәрежеси 52 процентке жетти. Өткен мәўсимде 2,1 миллион тонна пахта машина жәрдеминде жыйнап алынған. Соның есабынан кейинги бес жылда қол мийнети 1,8 есеге қысқарды.

Гезектеги ўазыйпа – пахтаны машинада териў үлесин кеминде 70 процентке жеткериў. Буның ушын 2026-жылы 800 пахта териў машинасы, сондай-ақ, 6 мың сеялка, трактор ҳәм комбайн сатып алыныўы режелестирилген. Улыўма, жыл даўамында 10 мың жаңа техника сатып алынып, аўыл хожалығы техникалары паркин 292 мыңға жеткерилиўи нәзерде тутылған.

Жаңа техникаларды фермерлерге қолайлы шәртлерде лизингке бериў мақсетинде халықаралық финанс институтларынан 400 миллион доллар тартылады. Техникалар миллий валютада 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 10 жылға 18 процент ставкада берилип, кредит ставкасының 8 проценти бюджет есабынан қаплап бериледи.

Презентацияда мәмлекетимизде аўыл хожалығы машина қурылысын раўажландырыў, жергиликли өндирис ҳәм хызмет көрсетиўди кеңейтиў тийкарғы ўазыйпа екени атап өтилди.

2026-2028-жылларда жергиликли ислеп шығарылатуғын техника ҳәм агрегатлар көлемин 5 есеге, локализациялаў дәрежесин қосымша 10 процентке арттырыў әҳмийетли екени көрсетип өтилди. Атап айтқанда, 2026-жылы өндирис 6 мыңға шекем жеткерилиўи, 2028-жылға шекем локализациялаў көрсеткишин өзи жүретуғын техникада 30-35 процентке, аспа ҳәм тиркемели техникада 60-65 процентке жеткериў режелестирилген.

Техника ҳәм агрегатларды сатып алыўда субсидиялаўдың әмелдеги системасы локализациялаў дәрежеси 25 проценттен жоқары болған техникаға енгизилмекте. Презентацияда талап жоқары болған 3 түрдеги импорт техника ушын да субсидия ажыратыўды жолға қойыў усыныс етилди. Улыўма айтқанда, усы жылы техника баҳасының 15 процентин қаплаў ушын 660 миллиард сум субсидия қаратылыўы нәзерде тутылған.

Презентацияда Ташкент трактор заводының жумысын саламатландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў илажлары да көрип шығылды.

Тараўда заманагөй банк хызметлерин жолға қойыў, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллектке тийкарланған шешимлерди енгизиў бағдарындағы жумыслар да таныстырылды.

2025-жылы “Агробанк” АКБ тәрепинен аўыл хожалығы техникасы ушын 1,6 триллион сумлық кредитлер ажыратылған болса, усы жылы бул көрсеткишти 3,9 триллион сумға жеткериў нәзерде тутылған. Кредитлеў процесслерин автоматластырыў нәтийжесинде кредит ажыратыў мүддети 3 күннен 3 саатқа шекем қысқарыўы күтилмекте.

Буннан тысқары, қарыйдарларға комплексли аўыл хожалығы хызметлери көрсетиледи. Онда ҳәр бир аймақта биреўден агрохызмет зоналары шөлкемлестириледи ҳәм оларда аўыл хожалығы агенти жумыс алып барады. Бул зоналарда фермерлер бир орынның өзинде банк, консалтинг, мониторинг, топырақ анализи, нәл жеткерип бериў хызметлеринен, агроном мәсләҳәтинен пайдаланыўы, оқыў курслары ҳаққында мағлыўмат алыўы мүмкин болады.

Банктиң шарўашылық ҳәм мийўе жетистириўде, суўдың жумсалыўын “ақыллы” басқарыўда жасалма интеллекттен пайдаланыў бойынша пилот жойбарларды әмелге асырыў, аўыл хожалығында стартапларды қаржыландырыў мақсетинде устав капиталы 100 миллиард сумлық жаңа венчур компаниясын шөлкемлестириў бағдарындағы режелери де көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы усынысларды мақуллап, аўыл хожалығында механизация дәрежесин және де арттырыў, жергиликли өндирис ҳәм сервисти раўажландырыў, санлы платформалар арқалы мониторинг ҳәм финанслық хызметлерди жақсылаў бойынша жуўапкерлерге бир қатар көрсетпелер берди.

ӨзА