Сенат: инсан ҳуқықларын тәмийинлеўде Омбудсман институтының орны ҳәм әҳмийети артып бармақта

Сенаттың Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер комитетиниң мәжилисинде Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) ниң 2025-жылдағы жумысы ҳаққындағы есабаты дәслепки тәризде көрип шығылды.
Додалаў даўамында инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеўде Омбудсман институтының орны ҳәм әҳмийети басқышпа-басқыш артып атырғаны атап өтилди. Пуқаралардан келип түскен мүрәжатлардың саны, көрип шығылған мәселелердиң көлеми ҳәм олар бойынша ерисилген нәтийжелер буннан дерек берип тур. Бул болса, Омбудсман институты халық ушын ҳақыйқый ҳәм тәсиршең қорғаў механизмине айланып атырғанын көрсетпекте.

2025-жылы инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеўге қаратылған бир қатар жумыслар орынланған. Соның ишинде, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң бузылған ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў ҳәм тиклеў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылған.
Өткен жылы Омбудсманга экономикалық ҳуқық ҳәм еркинликлер бойынша 7 мың 584 мүрәжат келип түскен. Олардың көпшилиги Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятлары, сондай-ақ, Ташкент қаласына туўра келеди.
Мүрәжатлар тийкарында 2025-жылы жер участкалары мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик мүтәжликлер ушын алып қойылыўы мүнәсибети менен компенсация сыпатында төлениўи керек болған 3,9 миллиард сумнан аслам қаржы пуқаралардың пайдасына өндириўге жәрдем көрсетилген. Мийнет ҳақы ҳәм мийнет қатнасықлары менен байланыслы мүрәжатлар бойынша пуқараларға 2,3 миллиард сум муғдарында пул қаржыларының өндирип берилиўине жәрдемлесилген.
Додалаў жуўмағында тийисли қарар қабыл етилди.
Н.Абдураимова, ӨзА