Район турғынларының мүрәжатлары тыңланды

8

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы М.Ахмедова тәрепинен Тақыятас районында пуқаралар ушын гезектеги жеке қабыллаў өткерилди.

Қабыллаў даўамында район пуқараларының социаллық, экономикалық ҳәм ҳуқықый мәселелерге байланыслы мүрәжатлары тыңланды. Атап айтқанда, бәнтлик, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў мәселелери бойынша усыныслар ҳәм машқалалар билдирилди. Ҳәр бир мүрәжат бойынша жуўапкер шөлкемлерге анық тапсырмалар берилип, орынланыўы қатаң қадағалаўға алынды.

Бундай ашықтан-ашық сөйлесиўлер пуқаралардың машқалаларын орнында шешиў, халық пенен мәмлекетлик уйымлар арасындағы исеним ҳәм бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет етеди.

                                                                            Қарақалпақстан хабар агентлиги