Педагогикалық шеберлик орайында ашық сәўбетлесиў өткерилди

33

Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайының директоры Г.Кожабаева мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң тыңлаўшылары менен ашық сәўбетлесиў өткерди.

Ашық пикирлесиўдиң тийкарғы мақсети – билимлендириў процесин жетилистириў, тыңлаўшылардың усыныс ҳәм басламаларын тыңлаў, оқыў процесиниң нәтийжелилигин арттырыў ҳәм ашық пикирлесиў орталығын жаратыў.

Атап өтилгениндей орайда педагоглар ең соңғы технологиялар менен үскенеленген аудиторияларда билим алмақта. Курслар 100 саатлық оқыў бағдарламасы тийкарында шөлкемлестириледи.  Бағдарлама социаллық көнликпелер, кәсиплик компетенция ҳәм тәлим-тәрбия процесиндеги инновациялық жантасыўларды өз ишине алады.

«Aqlvoy» мобиль автобусы да алыс ҳәм шетки аймақлардағы педагоглар ушын мобиль қәнигелик арттырыў хызметин атқарып, бул автобус 14 орынлық, 1 ноутбук, интерактив монитор ҳәм Wi-Fi менен тәмийинленген, педагоглардың жумыс орнынан узақласпаған ҳалда “Методикалық шеберлик саатлары”нда қатнасыўына имканият жаратады. Педагогларға STEAM технологиясын қолланыў, интерактив ойынлар ҳәм заманагөй дидактикалық қураллар менен ислеў методикалары үйренилмекте.

Сондай-ақ, тыңлаўшылардың бос ўақтын мазмунлы өткериў мақсетинде музейлер, театрларға саяхатлар ҳәм түрли таңлаўлар шөлкемлестирилмекте.

Ушырасыў даўамында тыңлаўшылар оқыў сабақларына қатнасыўы, сабақларға болған қызығыўшылығы, өзлестириў процесиндеги тәжирийбелери ҳәм әмелий сабақлардың әҳмийети бойынша пикир-усынысларын билдирди.

Ушырасыўда билимлендириўдиң сапасын арттырыўға қаратылған пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги