Президентимиздиң АҚШқа сапары сырт ел басылымларының нәзеринде

8

Соӊғы күнлерде халықаралық ғалаба хабар қураллары Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Америка Қурама Штатларына әмелий сапарын дыққат пенен бақламақта.

Экспертлердиң пикиринше, бул сапар етиў Өзбекстанның ашық ҳәм прагматикалық сыртқы сиясатын көрсетип, мәмлекеттиң халықаралық майдандағы абырайын және де арттырыўға хызмет етпекте.

Trend.az”: Мақалада жазылыўынша, ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиз басшысы АҚШ жетекшиси Дональд Трамптың мирәт етиўине бола Тынышлық кеңесиниң дәслепки мәжилисинде қатнасыў ушын әмелий сапар менен Вашингтон қаласында болып тур.

Атап өтилиўинше, Кеңестиң биринши саммити АҚШ Тынышлық институтында болып өтеди ҳәм Газа секторын тиклеў, оған гуманитарлық жәрдем көрсетиў, бул регионда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў мәселелерине бағышланады.

The Gulf Observer”: Бул басылым мақаласында Өзбекстан Президентиниң Вашингтонда америкалы исбилерменлер, инвесторлар ҳәм сиясатшылар менен алып барған сөйлесиўлери ашық, конструктивлик руўхта өткени атап өтилген.

Автордың жазыўынша, бул ушырасыўлар нәтийжесинде еки тәреплеме келисимлерге қол қойылған, инвестициялық жойбарлар бойынша әҳмийетли келисимлерге ерисилген.

Turkic World: Халықаралық бақлаўшылар таллаўларына бола, бул сапар еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шерикликти жаңа дәрежеге алып шықты ҳәм Орайлық Азиядағы экономикалық раўажланыў және сиясий турақлылықты беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе. Соның менен бирге, басылым бул сапарды мәмлекеттиң халықаралық майдандағы абырайы ҳәм исенимин арттыратуғын ўақыя сыпатында да талқыламақта.

Улыўма алғанда, жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер сиясий исенимди беккемлеў, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў, сондай-ақ, қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыў мәселелеринде өз-ара муўапықласыўды күшейтиў ушын беккем тийкар жаратпақта.

Ең әҳмийетлиси, бул сөйлесиўлер өз-ара пайдалы шерикликти беккемлеў арқалы халықлардың абаданлығы ҳәм регионаллық турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған узақ мүддетли мақсетлерге хызмет етиўи менен әҳмийетли болып есапланады.

Ф.Яхшибоева таярлады,

ӨзА