Жасырын дәраматлар камераль тексериўлер арқалы ашылып атыр

Салық комитетиниң мәлим етиўинше, 2026-жыл январь айында Өзбекстанда камераль салық тексериўлери шекленген көлемде өткерилген болса да, анықланған 2,4 триллион сумлық салық айырмашылықлары экономикадағы жасырын қаржыларды ашып берди.
Бул санлар салық қадағалаўының әҳмийетин ҳәм исбилерменлик тараўында финанслық тәртипти беккемлеў зәрүрлигин және бир мәрте көрсетпекте.
Мағлыўматларға бола, 1,8 мың салық төлеўшиде тексериўлер әмелге асырылған болып, бул республика бойынша жумыс алып барып атырған 572 мың исбилерменлик субъектлериниң тек ғана 0,3 процентин қурайды.
Камераль тексериўлер нәтийжесинде жәми 2,4 триллион сум салық айырмашылықлары анықланған ҳәм салық төлеўшилерге тийисли талапнамалар жиберилген. Анықланған айырмашылықлардың тийкарғы бөлегин төмендеги салық түрлери қурайды. Атап айтқанда, қосымша қун салығы 1,1 триллион сум, пайда салығы болса 721,6 миллиард сум, акциз салығы 514,6 миллиард сум ҳәм дәрамат салығы 51,6 миллиард сумды қурады. Бул санлар соны көрсетеди, ең үлкен айырмашылықлар әйне қосымша қун ҳәм пайда салықларында бақланған. Бул болса финанслық қадағалаў ҳәм салық есабатының анықлығына итибар қаратыў зәрүрлигин көрсетеди.
Анықланған салық айырмашылықлары тармақлар кесиминде де сезилерли түрде парықланады. Мәселен, улыўма аўқатланыў, саўда ҳәм хызмет көрсетиў 899,7 миллиард сум, өндирис 884,7 миллиард сум, қурылыста болса 292,8 миллиард сум, транспорт 232,3 миллиард сум ҳәм аўыл хожалығында 82,9 миллиард сумды қураған.
Ең үлкен айырмашылықлар әйне хызмет көрсетиў ҳәм өндирис тараўларында анықланған. Бул болса, исбилерменлик жумысында салық есабаты ҳәм қадағалаў системаларын күшейтиў зәрүр екенлигин және бир мәрте тастыйықлайды.
Хабарда атап өтилиўинше, усы жылдың январь айындағы камераль тексериўлер көлеми салық төлеўшилердиң оғада аз бөлегин қамтып алған болса да, анықланған айырмашылықлар улыўма экономика ушын сезилерли муғдарды қурайды. Бул салық қадағалаўы тек ғана кең көлемли ҳәм нәтийжели болғанда экономикадағы жасырын дәраматларды анықлаў ҳәм тәртипке салыў имканиятын беретуғынына ишарат етеди.
Сондай-ақ, салық төлеўшилердиң финанслық тәртиби ҳәм салық есабатының анықлығы ҳәр қыйлы тараўларда ҳәр қыйлы. Соның ишинде, хызмет көрсетиў ҳәм өндирис тараўлары айрықша итибарды талап етеди. Сонлықтан, салық уйымлары тәрепинен анықланған айырмашылықлар тийкарында усыныслар ислеп шығыў ҳәм қадағалаў системасын және де күшейтиў әҳмийетли болып есапланады.
Ш.Маматуропова, ӨзАның хабаршысы