Өзбекстан сапа инфраструктурасында түпкиликли өзгерислер басланды

Бизге белгили, усы жылдың 16-февраль күни мәмлекетимиз басшысының “Техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы реформаларды алдынғы халықаралық әмелият тийкарында жеделлестириў илажлары ҳаққында”ғы пәрманы қабыл етилди.
Бул ҳүжжет елимизде техникалық жақтан тәртипке салыў системасын түп-тийкарынан жаңалаў, оны халықаралық талаплар ҳәм базар экономикасы принциплерине муўапық қайта қәлиплестириўге қаратылғаны менен әҳмийетли болып есапланады.
Пәрманға муўапық, тараўда артықша ҳәм нәтийжесиз ҳәкимшилик қадағалаў әмелиятынан басқышпа-басқыш ўаз кешип, қәўип-қәтерди таллаўға тийкарланған заманагөй базар қадағалаўы механизми енгизиледи. Бул болса, өз гезегинде, исбилерменлик субъектлери ушын тең ҳәм ашық-айдын шараят жаратыў, өнимлер ҳәм хызметлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеў және тутыныўшылардың ҳуқықларын исенимли қорғаўға хызмет етеди.
Реформалар шеңберинде миллий сапа инфраструктурасын беккемлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Аккредитация, стандартластырыў ҳәм метрология системаларында шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый өзгерислер әмелге асырылып, мәплер соқлығысыўын сапластырыў ҳәм саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў нәзерде тутылған.

Соның ишинде, Халықаралық тәрези ҳәм өлшеўлер бюросы менен биргеликте калибрлеў имканиятларын кеңейтиў, жаңа миллий муўапықлық белгисин енгизиў ҳәм исбилерменлер ушын қосымша қолайлықлар жаратыў тийкарғы ўазыйпалар сыпатында белгиленди. Бул илажлар жергиликли ислеп шығарыўшылардың халықаралық базарларда бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға тийкар жаратады.
Бул реформалардың мазмун-мәниси, күтилип атырған нәтийжелер ҳәм тараўдағы тийкарғы ўазыйпалар ҳаққында Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлигиниң директоры Акмал Жуманазаров пенен сәўбетлестик.
– Бул пәрман мәмлекетимизде техникалық тәртипке салыў системасын түп-тийкарынан реформалаў, оны заманагөй базар экономикасы талапларына бейимлестириў және миллий өним ҳәм хызметлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған, – дейди Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлигиниң директоры Акмал Жуманазаров. – Қарарға муўапық, артықша ҳәм нәтийжесиз ҳәкимшилик қадағалаў әмелиятынан басқышпа-басқыш ўаз кешип, қәўип-қәтерди таллаўға тийкарланған базар қадағалаўы механизми енгизиледи. Сондай-ақ, стандартластырыў, аккредитация ҳәм метрология тараўларында институционаллық өзгерислер әмелге асырылып, миллий сапа инфраструктурасы қатнасыўшыларының еркинлиги тәмийинленеди.
Атап айтқанда, Өзбекстан аккредитация орайының жумысы Министрлер Кабинетиниң бойсыныўына өткерилип, аккредитация системасының бийтәреплиги беккемленеди. Соның менен бирге, Халықаралық тәрези ҳәм өлшеўлер бюросы тәрепинен тән алынған калибрлеў имканиятларын кеңейтиў, жаңа миллий муўапықлық белгисин енгизиў ҳәм исбилерменлер ушын қолайлы шараятлар жаратыў белгиленген.
Бул қарар техникалық жақтан тәртипке салыў тараўын ашық-айдын, нәтийжели ҳәм халықаралық стандартларға толық сәйкес келетуғын системаға айландырыўға хызмет етиўи күтилмекте.
Қарарға тийкарланып, техникалық жақтан тәртипке салыў тараўын халықаралық әмелиятқа бейимлестириў, артықша ҳәкимшилик қадағалаўдан ўаз кешип, заманагөй базар қадағалаўы системасына өтиў болып табылады. Енди өнимлер қәўип-қәтер анализи тийкарында қадағаланады. Бул болса исбилерменлик орталығын жақсылаў ҳәм экспорт имканиятларын кеңейтиўге хызмет етеди.
– Миллий сапа инфраструктурасында қандай өзгерислер болады?
– Өзбекстанның халықаралық сапа инфраструктурасы индексиндеги орнын кеминде 20 текшеге жақсылаў, Халықаралық тәрези ҳәм өлшеўлер бюросы тәрепинен тән алынған калибрлеў имканиятларын 2,5 есеге арттырыў режелестирилген. Сондай-ақ, халықаралық дәрежеде тән алынған аккредитация хызметлериниң үлеси 80 процентке жеткериледи.
Пәрманға тийкарланып жоқарыда да айтқанымдай, енди Өзбекстан аккредитация орайы Министрлер Кабинетиниң бойсыныўына өткериледи. Бул аккредитация системасының ғәрезсизлигин тәмийинлейди. Соның менен бирге, Өзбекстан илимий-сынақ ҳәм сапа қадағалаў орайының жумысы сапластырылып, функциялары қайта бөлистириледи. Өзбекстан стандартлар институты болса тийкарғы стандартластырыў институты сыпатында қайта шөлкемлестириледи.
– “Conformity Uzbekistan” белгиси ҳаққында да тоқтап өтсениз.
– 2027-жыл 1-январьдан техникалық регламентлер объекти болған өнимлер ушын жаңа миллий муўапықлық белгиси – “Conformity Uzbekistan” енгизиледи. Муўапықлықты баҳалаў қәўип-қәтерге тийкарланған қатнас тийкарында әмелге асырылады. Айырым өнимлер болса мәжбүрий сертификатластырыў дизиминен шығарылады. Бул исбилерменлер ушын жеңиллик жаратады.
2026-жыл 1-апрельден аккредитация хызметлери бойынша ажыратпалар 2 процентке азайтылады. Жеке меншик сектор белсене қатнасып атырған тараўларда мәмлекетлик лабораториялардың шөлкемлестирилиўи шекленеди. Сондай-ақ, экспорт базарларында талап етилетуғын сырт ел стандартлары тийкарында муўапықлықты баҳалаўға руқсат бериледи.
– Халықаралық стандартларға өтиў процеси қалай өтеди?
– 2026-2028-жыллар даўамында тармақлар басқышпа-басқыш халықаралық стандартларға өтеди. Мәселен, 2026-жылдан тоқымашылық, электротехника ҳәм автомобиль қурылысы; 2027-жылдан нефть-газ ҳәм металлургия; 2028-жылдан энергетика ҳәм химия тармақлары толық халықаралық стандартлар тийкарында ислейди.
Сондай-ақ, 2027-жылдан өлшеў қуралларын салыстырыў әмелияты орнына верификация системасы енгизиледи. Санаатта өним сапасына тәсир етиўши өлшеў қураллары мәжбүрий калибрлеўден өткериледи. Халықаралық тәрези ҳәм өлшеўлер бюросы базасында тән алынған калибрлеў бағдарлары бойынша лабораториялар аккредитациядан азат етиледи.
– Кадрлар мәселесине де итибар қаратыла ма?
– Мәмлекетлик уйымлар ҳәм ири кәрханаларда сапа менеджерлери институты енгизиледи. Олардың жумысы “Сапа бойынша жәрдемши” электрон платформасы арқалы муўапықластырылады. Сондай-ақ, “Эл-юрт умиди” қоры арқалы тараў ушын тийкарғы түрде стипендиялар ажыратылады.
Бул қарар техникалық жақтан тәртипке салыў тараўын заманагөй, ашық-айдын ҳәм халықаралық стандартларға сай системаға айландырады. Нәтийжеде миллий өнимлердиң бәсекиге шыдамлылығы артады, экспорт потенциалы кеңейеди ҳәм тутыныўшылардың қәўипсизлиги кепилленеди.
Шаҳноза Маматуропова, ӨзА