Өзбекстан жанылғы базарына АҚШтың Gulf бренди кирип келмекте

Американың Gulf компаниясы жақын еки жыл ишинде батыс стандартларына жуўап беретуғын кеминде 100 заманагөй ҳәм қолайлы “заправка”ларды иске қосыўды нийет еткен.
Компания, сондай-ақ, заманагөй технологияларды енгизиў ҳәм авиация бағдарын раўажландырмақшы. Gulf Aviation арқалы авиация секторына шама менен 50 млн доллар муғдарында инвестиция қаратылады
Компанияның Орайлық Азиядағы операциялық базасын Ташкентте жайластырыў режелестирилген.
ӨзА