Педофиллердиң өмирлик еркинен айырылыўы – балалар ҳуқықларының қорғалыўын күшейтеди

2

Президентимиздиң “Өзбекстан – 2030” стратегиясын 2026-жылы әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик бағдарлама бойынша пәрманы тийкарында “Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў жылы” мәмлекетлик бағдарламасы тастыйықланды. Онда педофиллик ушын өмирлик еркинен айырыў жазасының енгизилиўи белгиленген.

Әдил судлаў академиясы кафедра баслығы Дилшод Исроилов бул мәселениң қаншелли әҳмийетли екенлиги ҳаққында айтып берди:

Педофилия – бул жас өспирим балаларға қарата жынысый қызығыўшылық пенен байланыслы болған психикалық бузылыў есапланады.

Медициналық көзқарастан, педофилия үлкен жастағы шахстың тийкарынан ямаса турақлы түрде жас өспирим балаларға жыныслық бейимлик сезиўи.

Бул жағдай халық аралық медицина классификацияларында (мысалы, психикалық кеселликлер классификациясы) парафилия түрлеринен бири сыпатында көрсетиледи.

Соны айрықша атап өтиў керек, педофил пикир ямаса мейилликтиң өзи медициналық-руўхый машқала сыпатында баҳаланады.

Егер шахс балаға қарата жынысый ҳәрекетлер ислесе, бул аўыр жынаят есапланады ҳәм нызам менен қатаң жазаланады.

Себеби, бундай жынаятлар баланың физикалық ҳәм руўхый саламатлығына үлкен зыян жеткереди.

Жынаят кодексинде жас өспиримлерге (18 жасқа толмаған шахс) қарата исленетуғын жынысый характердеги жынаятлар өз алдына статьялар менен тәртипке салынған.

130-статьяда болса порнографиялық өнимди таярлаў, алып кириў, тарқатыў, реклама етиў, көрсетиў, жас өспирим шахс тәрийипленген ямаса сүўретленген порнографиялық өнимди тарқатыў, реклама етиў, көрсетиў сыяқлы жағдайлар ушын жуўапкершилик белгиленген.

Сырт мәмлекетлерде педофиллик ушын аўыр жаза түрлери белгиленген. Мәселен, АҚШта айырым штатларда аўыр ақыбетлерге алып келген жағдайларда педофиллик ушын өмирлик еркинен айырыў жазасы тайынланады ҳәм химиялық кастрация әмелияты өткерилиўи белгиленген.

Германия ҳәм Японияда да аўыр ақыбетлерге алып келген жағдайларда педофиллик ушын өмирлик еркинен айырыў жазасы белгиленген. Бирақ химиялық кастрация Японияда жоқ, Германияда болса тек ықтыярлы түрде.

Қазақстан ҳәм Қырғызстанда да аўыр ақыбетлерге алып келген жағдайларда педофиллик ушын өмирлик еркинен айырыў жазасы белгиленген, химиялық кастрация бар.

Президентимиздиң парламент ҳәм халқымызға Мүрәжатында әҳмийетли мақсетлер қатарында балаларға болған зорлықты сапластырыў зәрүрлигине итибар қаратылған.

Педофилия ушын өмирлик еркинен айырыў жазасының енгизилиўи 2026-жылғы мәмлекетлик бағдарламадан орын алғаны жәмийетте балалардың өмири, абырайы ҳәм қол қатылмаслығын жоқары қәдирият сыпатында тәмийинлеўге қаратылған зәрүр ҳуқықый-сиясий илаж болып есапланады.

Бундай норманың нызамшылыққа киргизилиўи, бәринен бурын, балаларға болған жынысый зорлыққа толық төзимсизлик принципин беккемлеўге хызмет етеди.

Жынаяттың жоқары социаллық қәўиплилигин тән алыў, жәмийетти қәўипли шахслардан узақ мүддетке қорғаў ҳәм потенциаллы жынаятшылар ушын күшли профилактикалық ҳәм тыйып турыўшы тәсир жаратыўға қаратылғаны менен әҳмийетли.

Өмирлик еркинен айырыў жазасының енгизилиўи – мәмлекеттиң балалар ҳуқықларын қорғаў бағдарындағы халықаралық миннетлемесин орынлаўға қойылған және бир қәдем болады. Булардың барлығы баланың ең жақсы мәплери үстинлигин тәмийинлеўге хызмет етеди.

Норгул Абдураимова, ӨзА