Өзбекстан – АҚШ стратегиялық шериклик қатнасықлары турақлы пәтлерде раўажланбақта

5

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трамптың мирәт етиўине бола Тынышлық кеңесиниң дәслепки мәжилисинде қатнасыў ушын әмелий сапар менен Вашингтон қаласында болып тур.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң Вашингтонға әмелий сапары АҚШ саўда министри Ховард Латник пенен ушырасыўдан басланды.

Өзбекстан – АҚШ стратегиялық шериклигин буннан былай да беккемлеўдиң әмелий тәреплери, сондай-ақ, тийкарғы бағдарларда кооперация жойбарларын алға қойыў мәселелери додаланды.

Қурама Штатлар Өзбекстанның тийкарғы шериклеринен бири екени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара саўда көлеми 1 миллиард доллардан артты, мәмлекетимиз базарында АҚШтың 340 қа шамалас компаниялары жумыс алып бармақта.

Энергетика, оғада әҳмийетли минераллар, транспорт, аўыл хожалығы, мәлимлеме технологиялары ҳәм басқа да тараўларда ири жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта.

Баҳасы 35 миллиард доллар болған үш жыллық Экономикалық бирге ислесиў бағдарламасы әмел етпекте.

Тийкарғы жойбарларды системалы қоллап-қуўатлаў ушын жақында шөлкемлестирилген Исбилерменлер кеңесиниң имканиятларынан пайдаланыў ҳәм Инвестициялық платформаны иске қосыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Саўда қатнасықларын раўажландырыў ҳәм Өзбекстан аймақлары менен тиккелей исбилерменлик байланысларын кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Вашингтон қаласына сапар етиўдиң исбилерменлик илажлары даўамында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев АҚШ Экспорт-импорт банкиниң президенти ҳәм баслығы Жон Йованович ҳәм Халықаралық финанслық раўажланыў корпорациясы (DFC)ның бас атқарыўшы директоры Бэн Блэкти қабыллады.

Өткен жылы Президент Дональд Трамп пенен болып өткен сөйлесиўлер АҚШ исбилермен топарлары менен саўда-инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиўге күшли түртки бергени атап өтилди.

Исбилерменлер кеңесиниң жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм тийкарғы жойбарларды системалы алға қойыў ушын Инвестициялық платформаны иске қосыўға айрықша итибар қаратылды.

Эксимбанк пенен бирге ислесиў бағдарлары белгилеп алынды. Ири санаат ҳәм инфраструктура жойбарларын қаржыландырыўды кеңейтиў және жоқары технологиялы үскенелер жеткерип бериўди қоллап-қуўатлаў солардың қатарына киреди.

DFC басшылары менен сәўбетте инвестициялық бирге ислесиў механизмлерин беккемлеў зәрүр екенлиги атап өтилди. Корпорацияның ири миллий ҳәм регионаллық жойбарларда қатнасыў, финанс базарын ҳәм энергетика тармағын раўажландырыў бойынша режелери қоллап-қуўатланды.

Өзбекстан Президенти АҚШ тәрепин Ташкент халықаралық инвестициялық форумында қатнасыўға мирәт етти.

Ушырасыў жуўмағында мәмлекетимиз басшысының жанында сапар даўамында қол қойылған Өзбекстан ҳәм АҚШ арасында инвестициялық платформаны шөлкемлестириў ҳаққындағы келисим алмасылды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Вашингтонға әмелий сапары шеңбериндеги исбилерменлик ушырасыўларының гезектегиси АҚШ саўда ўәкили Жеймисон Грир менен болды.

Биргеликтеги жойбарлар шеңберинде еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў мәресиминиң әмелий нәтийжелери додаланды.

Өзбекстан – АҚШ стратегиялық шериклик қатнасықлары, бәринен бурын, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўларда турақлы пәтте раўажланып атырғаны атап өтилди.

Өз-ара саўданы көбейтиў бойынша илажларды әмелге асырыўдағы табыслар қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өткен жылы товар алмасыў көлеми 1 миллиард доллардан артты.

Мәмлекетимиздиң ЖСШға ағза болыў процесин жуўмақлаўға байланыслы мәселелерде әмелий бирге ислесиўди күшейтиў ҳәм АҚШ тәрепинен бул процесслерди және де қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылды.

Өнимлерди турақлы жеткерип бериў, техникалық тәртипке салыў ҳәм санлы саўдаға байланыслы регионаллық көзқарасларды ислеп шығыў мақсетинде Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм АҚШ арасындағы Саўда ҳәм инвестициялар бойынша рамкалы келисим (TIFA) шеңберинде бирге ислесиўди жеделлестириў усынысы билдирилди.

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Президенти АҚШ саўда ўәкили Жеймисон Грирди усы жылдың июнь айында болып өтетуғын Ташкент халықаралық инвестициялық форумында қатнасыўға мирәт етти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Вашингтон қаласына сапарының исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыўға бағышланған мәресим ҳәм биргеликтеги жойбарлардың презентациясында қатнасты.

Илажда АҚШ ҳүкимети ҳәм қаржы институтларының ўәкиллери – саўда ўәкили Жеймисон Грир, Президенттиң арнаўлы ўәкили Паоло Замполли, Эксимбанк президенти ҳәм баслығы Жон Йованович, АҚШ – Өзбекстан саўда палатасының баслығы Кэролин Лэмм, сондай-ақ, “Traxys”, “Valmont Industries”, “Gulf Oil”, “Avigen Broiler Breeding Group”, “John Deere”, “BlackRock Financial Markets Advisory”, “Oppenheimer” ҳәм басқа да жетекши компаниялардың басшылары қатнасты.

Видеобайланыс арқалы ушырасыўда Өзбекстан аймақларының басшылары да қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде жаңа, әмелий форматта өтип атырған бул ушырасыў буннан алдынғы дөгерек сәўбетиниң логикалық даўамы және экономикалық шериклик стратегиялық исеним ҳәм өз-ара мәпдарлық руўхында жоқары дәрежеге көтерилип атырғанының көриниси екенин атап өтти.

– Бүгинги күнде шериклер исенимли, қағыйдалар анық-айқын, бирге ислесиў болса узақ мүддетли болыўы жетекши орынға шықпақта. Биз Америка Қурама Штатлары менен бирге ислесиўимизди әйне усы логика тийкарында қурмақтамыз, – деди Президентимиз.

Мәмлекетимизди социаллық-экономикалық раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарларына тоқтап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы экономика Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы стратегиялық шерикликтиң тийкарғы таяныш ноқатларынан бири екенин атап өтти.

Қурама Штатлар менен бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары қатарында оғада әҳмийетли шийки зат, нефть-химия, энергетика, аўыл хожалығы, қусшылық ҳәм басқа да тармақлар көрсетип өтилди.

Биргеликтеги Исбилерменлик ҳәм инвестиция кеңесиниң потенциалынан белсене пайдаланыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Аймақлараралық байланысларды беккемлеў шеңберинде Өзбекстан аймақлары басшыларының АҚШтың бирге ислесиўши штатларына сапарларын шөлкемлестириў тапсырылды.

Мәмлекетимиз басшысы жанында жанылғы қуйыў шақапшалары тармағын қурыў, жаўынлатып суўғарыў технологияларын енгизиў, әҳмийетли минералларды қазып алыў ҳәм жеткерип бериў, қусшылық кластерин шөлкемлестириў, агросанаат, қаржы базарын раўажландырыў және инвестициялық орталықты жақсылаў бойынша еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойылды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Америка Қурама Штатларына әмелий сапары даўам етпекте.

ӨзА