Елликқалада турақлы газ тәмийнаты – реформалар нәтийжеси

6

Соңғы жыллары елимизде барлық тараўлар сыяқлы газ тәмийнаты тараўында да кең көлемли реформалар әмелге асырылып, тутыныўшыларға турақлы тәбийғый газ жеткерип бериўге дыққат қаратылмақта.

Бул жумыслардың нәтийжесин бир ғана Елликқала районы мысалында алып қарайтуғын болсақ, районда улыўма 15 920 хожалық тәбийғый газден пайдаланып киятыр. Бул тутыныўшыларға жәми 858 км газ тармақлары ҳәм 222 орындағы газ бөлистириў пунктлери арқалы тәбийғый газ жеткерип берилмекте.

– 2025-2026 гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў жумыслары белгиленген реже-график тийкарында алып барылып, аязлы күнлерде тутыныўшыларға бир тегис тәбийғый газ жеткерип бериўдиң барлық илажлары әмелге асырылды, – дейди  Елликқала районлық газ тәмийнаты бөлими эксплуатация устасы Хуснутдин Әметов. – Нәтийжеде район аймағында газ тәмийнаты менен байланыслы мурәжатлар азайып, тутыныўшыларға үзликсиз түрде тәбийғый газ жеткерип берилмекте.

Ҳәзирги күнлери де районда бул бағдардағы жумыслар турақлы даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги