ҚМУ басшылары Римдеги форумға қатнасты

7

18-февраль күни Рим қаласында жайласқан Рома Тре университетинде Өзбекстан ҳәм Италия жоқары билимлендириў орынлары ректорларының екинши форумы болып өтти.

Форумда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры Б.Жоллыбеков ҳәм университеттиң халықаралық байланыслар бойынша проректоры Т.Нурымбетовлар қатнасып, еки мәмлекет арасындағы илимий-академиялық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелеринде өзлериниң усыныс ҳәм басламаларын ортаға таслады.

Форум Өзбекстан ҳәм Италия арасындағы жоқары билимлендириў тараўындағы байланысларды беккемлеў, қоспа билимлендириў бағдарламаларын жолға қойыў, академиялық алмасыўды кеңейтиў ҳәм илимий-инновациялық жойбарларды биргеликте әмелге асырыўға қаратылғаны менен әҳмийетли болып есапланады. Илаж шеңберинде еки мәмлекеттиң жетекши университетлериниң басшылары билимлендириўдиң сапасын арттырыў, илимий изертлеўлерди коммерцияластырыў, стартап ҳәм инновациялық орайлардың жумысын раўажландырыў, сондай-ақ, Европа билимлендириў мәканы менен интеграцияны тереңлестириў мәселелерин додалады.

Форум даўамында ректорлар арасында өз-ара сөйлесиўлер шөлкемлестирилип, перспективалы бирге ислесиў бағдарлары белгилеп алынды.  Солай етип Рим қаласында өткерилген Екинши форум еки мәмлекет жоқары билимлендириў системасы арасындағы исенимли бирге ислесиўди және де беккемлеп, өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм алдынғы көзқарасларды енгизиў ушын кең имканиятлар жаратты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги