“Reuters”: АҚШ ҳәм Өзбекстан әҳмийетли келисимге еристи

17

Америка Қурама Штатлары ҳәм Өзбекстан әҳмийетли пайдалы қазылмалар бойынша бирге ислесиў ҳаққында келисимге қол қойды, деп хабар бермекте “Reuters” мәлимлеме агентлиги.

Атап өтилиўинше, АҚШ Халықаралық раўажланыў қаржы корпорациясы (DFC) ҳәм Өзбекстан Республикасы арасында еки мәмлекеттиң стратегиялық бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыўға қаратылған “Биргеликтеги инвестициялық бағдарлама” (Joint Investment Framework) ҳүжжетине қол қойылған.

Бул келисим шеңберинде әҳмийетли пайдалы қазылмалардың пүткил қун шынжырына, соның ишинде, оларды геологиялық излеў, қазып алыў ҳәм қайта ислеўге инвестиция киргизиўге тийкарғы әҳмийет қаратылады. Буннан тысқары, DFC режесинде пайдалы қазылмаларды қазып алыў ҳәм инфраструктураны раўажландырыў тараўында келешектеги жойбарларды әмелге асырыў ушын жаңа Америка-Өзбекстан биргеликтеги инвестициялық холдинг компаниясын шөлкемлестириў усынысы келтирилген.

Экспертлердиң пикиринше, бул келисим улыўма экономикалық мәплерди алға қойыў бойынша бирге ислесиўге жәрдемлеседи ҳәм стратегиялық тармақларға, соның ишинде, әҳмийетли пайдалы қазылмалар, инфраструктура ҳәм энергетикаға биргеликтеги инвестициялар киргизиўди хошаметлейди.

Басылымның атап өтиўинше, Орайлық Азияда ең көп халыққа ийе Өзбекстан 2016-жылдан берли экономикалық реформалар бағдарламасын әмелге асырып келмекте. Мәмлекет алтын, уран, мыс, сондай-ақ, заманагөй технологиялардың тийкарын қурайтуғын литий ҳәм вольфрам сыяқлы әҳмийетли минераллардың пайдаланылмаған резервлерине ийе.

Абдуазиз Хидиров, ӨзА