Lacetti электрон онлайн-аукцион саўдасына қойылды

Пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлар аралық судының 2025-жыл 28-август күнги қарарына тийкар қарыздар “STROY SERVIS KK GROUP” ЖШЖдан “BIZNESNI RIVOJLANTIRISH BANKI” АКБ пайдасына 76,7 миллион сум өндириў, өндириўди гиреўге қойылған Лацетти маркалы автомобильге қаратыў белгиленген.
Усы суд қарары бойынша шығарылған орынлаў ҳүжжети Мәжбүрий орынлаў бюросы Кегейли районы бөлиминиң ис жүргизиўине келип түсип, бөлим тәрепинен орынлаў ҳәрекетлерине кирисилди.
Атап айтқанда, бөлим мәмлекетлик орынлаўшысы тәрепинен қарыздарға усы ҳүжжеттиң орынланыўын тәмийинлеў ушын 15 күнлик ықтыярлы мүддет берилип, суд қарарының орынланыўын тәмийинлемеў ақыбетлери түсиндирилди.
Соған қарамастан, қарыздар тәрепинен орынлаў ҳүжжети талабы ықтыярлы түрде орынланбағанлығы себепли, кредитке алынған автомашина бөлим мәмлекетлик орынлаўшысы тәрепинен тийисли тәртипте хатлаўға алынып, усы жылдың 11-февраль күни электрон онлайн-аукцион саўда майданшасы арқалы сатыўға шығарылды.

Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм оның аймақлық бөлимлери тәрепинен усындай банклердиң пайдасына өндириў менен байланыслы орынлаў ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, 2025-жылы ис жүргизиўдеги банклер пайдасына өндириўлер менен байланыслы 1 триллион 860 миллиард сумлық 48 мың 865 орынлаў ҳүжжетлериниң орынланыўы бойынша алып барылған ҳәрекетлер даўамында 1 триллион 185 миллиард сумлық 32 мың 208 орынлаў ҳүжжетлериниң орынланыўы тәмийинленди.
Сондай-ақ, 350,4 миллиард сумлық 934 гиреў мүлклери аукцион саўдаларына шығарылып, сатылған 254 мүлк есабынан 45,1 миллиард сум муғдарындағы қаржылар банклердиң пайдасына өткерип берилди.
Коммерциялық банклердиң пайдасына 199,2 миллиард сумлық кредит қарыздарлығын өндириў мақсетинде өндириў 9 мың 433 қарыздардың ҳақысына қаратылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги