Жаслар өзлери ушын жаратылған мүмкиншиликлерден қалай пайдаланбақта?

Шоманай районында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлердиң қатнасыўында районда жаслар сиясаты бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға бағышланған пресс-тур шөлкемлестирилди.
Дәслеп район ҳәкимлигинде ҳәким орынбасары Ә.Бекмуратовтың қатнасыўында баспасөз конференциясы өткерилип, онда Шоманай районы Жаслар ислери бөлиминиң баслығы Ф.Ходжабаевтың баянаты тыңланды.
Атап өтилгениндей, районда 13 пуқаралар жыйыны бар. Районда 30 жасқа шекемги жаслардың саны 22706, соннан 14-30 жастағылары 10631 жасты қурайды.
2025-жылда жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў бойынша Шоманай районында бир қатар илажлар әмелге асырылды.
2025-жылдың январь айында жаслар менен мәнзилли ислесиў мақсетинде тийисли шөлкемлер менен бирге ислесиўде жаслар ҳаққындағы мағлыўматларды өз ишине алған “Жаслар балансы”н қәлиплестириў мақсетинде 14-30 жасқа шекемги жаслар арасында қайта хатлаў өткериў жумыслары алып барылды.
Хатлаў нәтийжесине бола жәми 10631 жас хатлаўдан өткерилди. Оған муўапық жаслардың «жасыл» категориядағылары 7677, «сары» категориядағылары 2692, «қызыл» категориядағылары 329 жасты қурады.
Бул жерде айрықша ислесиўди талап ететуғын «қызыл» категориядағы
329 жас екиге бөлинип, соннан 262 жас «аўыр» категориядағы жумыссыз жасларды, ал 67 жас жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлыққа мейиллиги болған жасларды қурады.
Аўыр категориядағы жумыссыз жаслардан 13 и кәрхана ҳәм шөлкем басшыларына бириктирилди. Соннан Моншақлы мәҳәллесиндеги 23 жас Қарақалпақстан Республикасы бойынша 1 басшыға, қалған 12 мәҳәлледеги 239 жас район ҳәкими ҳәм оның орынбасарларына, райондағы кәрхана ҳәм шөлкем басшыларына бириктирилди.
Бул жаслардан жыл жуўмағына шекем 261 жастың бәнтлиги тәмийинленген. Атап айтқанда, 89 жас турақлы жумыс орынларына орналастырылды. 74 жасқа жеңиллетилген кредит қаржылары ажыратылды. 8 жас жоқары оқыў орынына оқыўға кирди. 6 жасқа жер майданлары ажыратылды. 8 жас бир жыллық әскерий хызметке жиберилип, 13 жас тәртипли миграцияға кеткен. Ал, 63 жас өзин-өзи бәнт еткен.
Сондай-ақ, 2025-жылда питкериўши ҳәм жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте “Мәнзилли реже” ислеп шығылды. Оған муўапық мийнет базарына кирип келген 545 питкериўши ҳәм жумыссыз жаслардың дизими қәлиплестирилди. Бүгинги күнде 515 питкериўшиниң бәнтлиги тәмийинленди.
– Жыл жуўмағына бола миграциядағы жаслардың саны 315 ти қурады, – дейди Ф.Ходжабаев. – Соннан 297 жас жумыс ислеў, 16 жас оқыў, 2 жас жасаў ушын кеткен. Жыл даўамында миграциядан қайтқан 95 жастың бәнтлиги тәмийинленди. Соннан 58 жас турақлы жумысқа кирди, 22 жас исбилерменлик ушын кредит алды, 5 жас кәсип-өнерге оқыды, ал 10 жас жоқары оқыў орнына кирди.
Усы жылдың 14-февраль сәнесинде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен жаслар менен өткерилген ушырасыўда Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў фонды қайта шөлкемлестирилип, 2025-жыл даўамында фонд арқалы ажыратылған ресурсларға тийкар районымыздағы Агро банк ҳәм Халық банк тәрепинен жәми 14 жасқа 878 млн. сумлық кредит ажыратылды. Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы қарарларына тийкарланып, Жоқары оқыў орынларын питкерген жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша Миллий банк тәрепинен ҳәзирги күнде жәми 11 жасқа 110 млн. сумлық, жаслар ушын жаслар таяныш банки болған “Алоқа банк” тәрепинен ҳәзирги күнде 22 жасқа 1 млрд. 408 млн. сумлық кредит ажыратылды.
Баспасөз конференциясында “Жаслар дәптери”, “Жаслар дәптери фонды”, “Бес баслама олимпиадасы” шеңбериндеги илажлар, жаслар тәрепинен исленген жынаятлар, оның алдын алыў бағдарындағы жумыслар. жаслар арасында алып барылған социаллық, профилактикалық жумыслар, жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў бойынша әмелге асырылған илажлар ҳаққында да мағлыўматлар берилип, пикир-усыныслар билдирилди.
Буннан соң пресс-тур шөлкемлестирилип, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери дәслеп Дийқанабад аўыл пуқаралар жыйынындағы «Айсултан Мадаминова» тигиўшилик цехына алып барылды. Бул жерде 100 миллион сумлық жеңиллетилген кредит есабынан жаңа заманагөй тигиўшилик үскенелери алынып, оннан аслам қыз-келиншектиң бәнтлиги тәмийинленген. Тигиў цехының баслығы цех жанынан жаңа имараттың қурылыс жумысларын баслапты. Жумысларын еле де кеңейтиў нийетинде.
Журналистлер Мәденият мәкан пуқаралар жыйынындағы «Абатов Әзизбек» фотосалонының жумыслары менен де танысты.
– Бизиң хызмет көрсетиў орнымыз ушын да 100 миллион сумлық жеңиллетилген кредит берилип, жумысларымызды және де жақсылаў мүмкиншилигине ийе болдық. Жаңа техникаларды сатып алдық, фотосалондағы шараятларды жақсыладық, қосымша дәрамат табыў ушын канцелляриялық товарларды да сатып атырмыз. Усындай шараятларды жаратып берип атырғаны ушын Президентимиз, республикамыз басшылары, сондай-ақ район ҳәкимлигинен миннетдармыз, – дейди усы фотосалонның ис жүргизиўшиси Э.Серназарова.
Пресс-тур қанасыўшылары Шоманай районы спорт мектебинде әмелге асырылып атырған жумыслар менен де танысты.
– Мектебимизде 25 спорт түринен 132 топарда жәми 1570 оқыўшы спорт пенен турақлы түрде шуғылланып келмекте, – дейди усы мектеп директоры Р.Реймов.
Спорт мектеби тәрбияланыўшылары өткен жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты ҳәм кубок ушын өткерилген жарысларға белсене қатнасып, жәми 263, соннан 31 алтын, 122 гүмис, 141 қола медалын қолға киргизди. Өзбекстан Республикасы көлеминде өткерилген жарысларда 1 алтын, 10 гүмис, 37 қола медалы ийеси болды. Азия көлеминдеги чемпионат ҳәм кубок ушын өткерилген жарысларда да қолы бос қайтпады. Балаларымыз 1 гүмис, 1 қола медаль менен қайтты. Халықаралық турнирлерде де белсендилик көрсетип, 1 гүмис, 1 қола медальды жеңип алды.
Пресс-тур қатнасыўшылары райондағы Жаслар орайына да барып, ол жерде жаратылған шараятлар менен танысты.

Пресс-тур даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги