Киши ҳәм орта бизнесте ESG ҳәм RBC системасын енгизиў жумыслары жеделлеспекте

Елимиз экономикасында турақлы раўажланыў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм заманагөй корпоратив басқарыў стандартларына әмел етиў мәселелери үлкен әҳмийетке ийе. Әсиресе, бул бағдарлар киши ҳәм орта бизнес субъектлериниң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, олардың экспорт потенциалын күшейтиў ҳәм халықаралық базарлар менен бирге ислесиўин кеңейтиўде әҳмийетли болып есапланады.
Усы талапларға муўапық, елимизде ESG ҳәм RBC – жуўапкершиликли бизнес жүргизиў принциплерин әмелиятқа енгизиў бойынша избе-из жумыслар алып барылмақта.
Экономика ҳәм қаржы министрлиги ҳәм Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ) менен биргеликте шөлкемлестирилген гезектеги илаж да киши ҳәм орта бизнес ушын экологиялық, социаллық ҳәм корпоратив басқарыў және жуўапкершиликли бизнес жүргизиў принциплерин енгизиў жойбарының орынланыўына бағышланды.
Жергиликли ҳәм сырт ел экспертлери, қәнигелер қатнасқан бул илажда ESG ҳәм RBC бағдарларында өткерилген таллаўлар таныстырылды ҳәм тараўдағы бар машқалалар ҳәм итималлы қәўиплер бойынша пикир алысылды. Сондай-ақ, киши ҳәм орта бизнес ушын миллий ESG системасы және стратегиясын ислеп шығыўда тийкарғы есапланатуғын қатнаслар додаланды.
Атап өтилгениндей, бул стандартлар исбилерменлик субъектлериниң базардағы абырайын беккемлеў, сыртқы саўда имканиятларын кеңейтиў ҳәм халықаралық экономикалық мәканға интеграцияласыўын жеделлестириўге хызмет етеди.
Додалаўлар ўақтында киши ҳәм орта бизнес жумысының бүгинги жағдайы, олар дус келип атырған экологиялық, социаллық ҳәм корпоративлик басқарыўға байланыслы мәселелер ҳәр тәреплеме көрип шығылды. Соның менен бирге, тоқымашылық, азық-аўқат санааты, химия, қурылыс материаллары ҳәм машина қурылысы тармақларында ушырасып атырған тийкарғы ESG қәўип-қәтерлери, сондай-ақ, институционаллық механизмлер ҳәм муўапықластырыў системасындағы айырым бослықлар талланды.
Қәнигелердиң пикиринше, бул жойбардың избе-из әмелге асырылыўы киши ҳәм орта бизнес субъектлериниң турақлы раўажланыўын тәмийинлеў, оларды халықаралық стандартларға бейимлестириў ҳәм глобаллық қун шынжырларында қатнасыўын және де кеңейтиў имканиятын береди.
Илаж жуўмағында өткерилген таллаўлар нәтийжелери бойынша улыўма көзқараслар мақулланып, киши ҳәм орта бизнес ушын миллий ESG системасы ҳәм стратегиясын ислеп шығыўдың кейинги басқышларын әмелге асырыў бойынша гезектеги ўазыйпалар белгиленди.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА