АҚШда мектеп хоккей ойынында атыспа жүз берди, қурбанлар бар

АҚШтың Род-Айленд штатындағы жоқары мектеп хоккей ойынында жүз берген оқ атыўда еки адам қайтыс болды ҳәм және үш адам жарақатланды. Оқ атыўда гүман етилип атырған еркек ўақыя орнында өли ҳалда табылған.
Үш жәбирлениўши емлеўханаға жатқарылған, олардың жағдайы аўыр.
Қуралдан оқ атқан адамның аты анықланды – ол 56 жаслы Роберт Дорган. Гүманланыўшы залда бир өзи болып, шаңарақ ағзасы қатнасыўындағы хоккей ойынын тамаша етиў ушын келген. Ол өз жанына қаст етип, алған жарақатынан қайтыс болыўы мүмкинлиги болжанған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги