Өзбекстан Президенти Вашингтонға келди
16

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев өмирлик жолдасы менен биргеликте әмелий сапар менен АҚШқа келди.






“Endryus” авиабазасында мәмлекетимиз басшысын АҚШ-Өзбекстан саўда палатасының баслығы Кэролин Лэмм, Миссисипи штаты Миллий гвардиясы бирлескен штабының сәркардасы Джеймс Хэнкинс ҳәм басқа да рәсмий шахслар, Вашингтонда ажыратылған резиденцияда болса АҚШ Президентиниң арнаўлы ўәкили Паоло Замполли күтип алды.
АҚШқа сапары шеңберинде Президентимиз Тынышлық кеңесиниң биринши саммити ҳәм бир қатар исбилерменлик илажларында қатнасады.
ӨзА