Өзбекстан ҳәм Швеция арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиў және де кеңейтиледи

Олий Мажлис Сенатына Швеция Сыртқы ислер министрлиги Евроатлантика ҳәм қәўипсизлик сиясаты департаментиниң бас директоры Торбьёрн Сольстрём келди.
Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң баслығы Алишер Азамхўжаев пенен ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Швеция қатнасықларының бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды.

Парламентлераралық сөйлесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў, комитетлер арасында тәжирийбе алмасыў, қоспа илажлар ҳәм ушырасыўлар шөлкемлестириў арқалы нызам дөретиўшилиги тараўында бирге ислесиўди тереңлестириў мәселелерине итибар қаратылды.
Сөйлесиў ўақтында соңғы жылларда еки мәмлекет арасында сиясий сөйлесиў, саўда-экономикалық, инвестициялық, билимлендириў, инновациялар ҳәм турақлы раўажланыў тараўларындағы бирге ислесиў избе-из раўажланып атырғаны атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер Өзбекстан ҳәм Швеция арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге қаратылған ҳәрекетлерди избе-из даўам еттириўге таяр екенин билдирди.
Н.Абдураимова,
ӨзАның хабаршысы