2026-жыл ушын зәкат, питир ҳәм фидя муғдары жәрияланды

Өзбекстан мусылманлары мәкемеси Фатво орайының милодий 2026/ҳижрий 1447-жылғы Рамазан айы ушын закат, питир садақасы ҳәм фидя муғдары бойынша қарары қабыл етилди.
Оған бола:
Закат
Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа орайы быйылғы Рамазан айы ушын закат төлемин ≈ 85 грамм 585 пробали алтынның баҳасынан келип шығып 100 000 000 (жүз миллион) сум етип белгиледи.
Соған муўапық, кеминде 85 грамм алтын ямаса 100 000 000 (жүз миллион) сум пул қаржысы ямаса усы баҳадағы коммерциялық зат болған адам, жәми қаржысының қырқтан бир бөлегин (2,5%) закат нийетинде кәмбағалларға бериўи парыз.
Питир садақасының муғдары төмендегише белгиленди:
- 2 кг бийдай ямаса оның баҳасы – 10 000 (он мың) сум;
- 2 кг бийдай уны ямаса оның баҳасы – 12 000 (он еки мың) сум;
- 4 кг арпа ямаса оның баҳасы – 20 000 (жигирма мың) сум;
- 2 кг кишмиш ямаса оның баҳасы – 110 000 (жүз он мың) сум;
- 4 кг қурма ямаса оның баҳасы – 200 000 (еки жүз мың) сум етип белгиленди.
Ҳәр ким өз имканиятына қарап усы бес өнимнен қәлеген биреўи ямаса оның қунын питир садақасы нийетинде кәмбағалға берсе жетерли. Питир садақасын Рамазан айы даўамында ҳайыт намазы оқылғанша бериў керек болады.
Фидя муғдары
Бир күнлик фидя муғдары питир садақасының муғдары менен бирдей болады.
Солай екен, ҳәр ким өз имканиятына қарап усы бес өнимнен қәлеген биреўин ямаса оның қунын фидя нийетинде береди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги