Адам саўдасына қарсы гүресиў күшеймекте

9

Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң (ЕҚБШ) адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша арнаўлы ўәкили Кери Жонстонның Өзбекстанға сапары шеңберинде Ташкент қаласында ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм тараў қәнигелери ушын еки күнлик оқыў курсы шөлкемлестирилди.

Ҳуқықты қорғаў академиясында болып өткен тренинг санлы технологияларды қолланған ҳалда әмелге асырылып атырған эксплуатацияға қарсы гүресиў темасына бағышланды. Оқыў курсларында Бас прокуратура, ИИМ, Санлы технологиялар министрлиги, кадрларды таярлаў институтлары, сондай-ақ, балаларды қорғаў ҳәм мийнет қадағалаўы ушын жуўапкер уйымлардың ўәкиллери қатнасты.

– Адам саўдасы қурбанларын қорғаў ҳәм адам саўдасының алдын алыў ушын күшли сиясат пенен бирге, маман қәнигелер керек, – деди К. Жонстон. – Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар буның ушын беккем тийкар жаратып, санлы технологияларды пайдаланған ҳалда адам саўдасына қарсы гүресиў мәселелери бойынша қәнигелердиң маманлығын арттырыў бағдарында көрилип атырған  мақсетли илажлар миннетлемелерди нәтийжели әмелий ҳәрекетке айландырыўға жәрдем бермекте.

Тренинглер ЕҚБШның технологияларды пайдаланған ҳалда адам саўдасы жағдайларын тергеў бойынша оқыў бағдарламасына тийкарланған болып, бул бағдарлама қатнасыўшыларға халықтың әззи топарларына тәсир көрсетиў ушын барған сайын көп қолланылып атырған эксплуатация усылларын анықлаў, тексериў ҳәм алдын алыў бойынша зәрүр билимлерди бериўге мөлшерленген.

– Оқыў курсы ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлеринде проактив онлайн тергеўлер өткериў, ашық мәлимлеме дереклери менен ислесиў ҳәм жәбирлениўшилердиң мәплерине қаратылған қатнас бойынша анық көнликпелерди қәлиплестирип, ҳуқық қорғаў уйымлары оқыў орынларына технологияларды пайдаланған ҳалда адам саўдасына қарсы гүресиў ушын оқытыў усылларын бейимлестириў имканиятын береди, – деди К. Жонстон.

Қатнасыўшылар технологияларды пайдаланған ҳалда адам саўдасы жағдайларын тергеў бойынша терең билим алып, қәнигелерди таярлаўда тергеў усыллары, анық мысаллар тийкарында оқытыў ҳәм жәбирлениўшилердиң мәплерине бағдарланған қатнасты үйлестириўди үйренди. Олар бул модульлерди ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери менен бирге, курсантларға да үйретиўи мүмкин. Бул болса ҳуқық қорғаў уйымларының онлайн жаллаў усылларын анықлаў, санлы эксплуатацияны тергеў ҳәм виртуал мәканда жынаятшыларды қадағалаў усылларының алдын алыў бойынша билим ҳәм көнликпелерин арттырыў имканиятын береди.

ЕҚБШның Өзбекстандағы жойбарларының координаторы Антти Карттунен хызметкерлерди таярлаў ҳәм заманагөй тергеў қуралларын енгизиўге қаратылған инвестициялар мәмлекеттиң жынаятлардың алдын алыў, жәбирлениўшилерди қорғаў ҳәм жаңа санлы қәўип-қәтерлерге жуўап бериў потенциалын арттыратуғынын атап өтти.

ЕҚБШ арнаўлы ўәкилиниң мәмлекетимизге сапары шеңберинде адам саўдасына қарсы гүресиў тараўындағы басламалардың бир қатар жоқары мәртебели қатнасыўшылары менен ушырасыўлар да болып өтти. Кери Жонстон Өзбекстанның бул тараўдағы табыслы тәжирийбесин атап өтип, бул бағдардағы ҳәрекетлер, соның ишинде, кейинги нызамшылық реформалары – Жынаят кодексине киргизилген адам саўдасы ушын жазаны күшейтетуғын өзгерислер ҳәм балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаўға қаратылған жаңа нызамды қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.

Азиза Алимова, ӨзА