Судья ҳәм хызметкерлер арасында ағартыўшылық илажы өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы Судының баслығы К.Тариховтың басшылығында видеоконференцбайланыс режиминде өткерилген руўхый-ағартыўшылық саатында тийкарғы итибар Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының баслығы тәрепинен қабыл етилген бийликлердиң әҳмийетине қаратылды.
Соның ишинде, “Суд имаратларына кириў-шығыўда мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў, коррупцияны келтирип шығаратуғын жағдайлардың алдын алыў ҳәм мийнет нәтийжелилигин арттырыў ҳаққында”ғы ҳәм “Судья ҳәм суд аппараты хызметкерлери арасында китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм китап оқыўға қызығыўшылығын арттырыў илажлары ҳаққында”ғы бийликлерде белгиленген ўазыйпалар ҳәр тәреплеме түсиндирилди. Сондай-ақ, буйрықтың орынланыўы шеңберинде суд имаратларында мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў, жумыс процесслерин тәртипке салыў ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған илажлар белгилеп алынды. Өткерилген руўхый-ағартыўшылық саатында судта “Китап мүйеши” шөлкемлестирилип, ҳәптеде бир күн китапқумарлық күни сыпатында белгиленди.
Илажда судья ҳәм хызметкерлердиң әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етиўи, қарар қабыл етиўде ашық-айдынлық ҳәм қалыслықты тәмийинлеў мәселелери де додаланды.
Соның менен бирге, Өзбекстан Судьялары ассоциациясының баслығы У.Мингбаев тәрепинен “Қәўипсиз орталық ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўге қаратылған әмелият” атамасындағы баянаты оқып еситтирилип, профилактикалық илажлардың әҳмийети айрықша атап өтилди.

Жоқарыда атап өтилген ҳүжжетлердиң орынланыўын тәмийинлеў – системалы, ашық-айдын ҳәм нәтийжели суд хызметиниң әҳмийетли кепили болып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги