Космосқа жасалма жолдас ушырыў ҳәм биринши миллий космонавтты таярлаў бойынша усыныслар көрип шығылды

14

Президент Шавкат Мирзиёев космосқа жасалма жолдас ушырыў ҳәм биринши өзбекстанлы космонавтты таярлаў бойынша дәслепки жумыслардың презентациясы менен танысты.

Атап өтилгениндей, бүгин дүньяда бәсеки жаңа басқышқа шығып, экономикалық қүдирет тәбийғый байлықлар менен емес, интеллектуаллық потенциал ҳәм технологиялар менен өлшенбекте. Космослық технологиялар болса стратегиялық әҳмийетке ийе бағдарлардан бирине айланды.

Мәмлекетимизде космослық мағлыўматлардан пайдаланыў басланғанына көп ўақыт өтпеген болса да, қысқа ўақыт ишинде сезилерли әмелий нәтийжелерге ерисилди. Мәмлекетлик космослық мониторинг иске қосылып, бул система проактив түрде ислемекте.

Соның менен бирге, кейинги бес жылда аралықтан зондлаў мағлыўматларына талап 3 есеге артқаны, ҳәзирги ўақытта космослық мониторинг пенен 10 нан аслам мәмлекетлик уйымлар ҳәм барлық ҳәкимликлер ислеп атырғаны көрсетип өтилди.

– Ең әҳмийетлиси, космослық мағлыўматлар арқалы биз “көз бенен көринбейтуғын” экономикалық имканиятларды анықлап, оларды реал дәрамат дерегине айландырып атырмыз. Бул мәмлекетлик ресурсларды басқарыў механизми ҳәм мәденияты өзгерип атырғанынан дерек береди, – деди Президентимиз.

Соның менен бирге, космос тараўында узақ мүддетли ҳәм турақлы миллий система – жасалма жолдасларды басқарыў, мағлыўматларды қайта ислеў ҳәм олардан әмелиятта пайдаланыў инфраструктурасын қәлиплестириў әҳмийетли екени атап өтилди. Буннан мақсет мәмлекетимиз суверен ҳәм объектив мағлыўматлар дерегине ийе болыўы болып табылады.

Ҳәзирге шекем сырт мәмлекетлердиң тәжирийбеси үйренилип, болажақ жасалма жолдастың анықлығы ҳәм пайдалы жүклемесине байланыслы техникалық талаплар анықланды.

Презентацияда илимий-технологиялық потенциалды арттырыў шеңберинде биринши миллий илимий жасалма жолдасты жаратыў жойбары да көрип шығылды. Жойбар шеңберинде қәнигелерди таярлаў ҳәм инженерлик жәмәәтин қәлиплестириў, 2028-жылы “Мырза Улығбек” атамасындағы 6U форматтағы илимий жасалма жолдасты ушырыў усыныс етилди.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен биринши миллий космонавтты таярлаў ҳәм оны космосқа ушырыў стратегиялық ўазыйпа сыпатында белгиленген.

– Бул тек ғана рәмзий қәдем емес, ал мәмлекетимиздиң илимий потенциалы, жасларымыздың әрманы ҳәм миллий мақтанышымыздың көриниси болады, – деди Президентимиз.

Миллий космонавтты қысқа мүддетке – 10-14 күнлик пәрўазға таярлаў усыныс етилди, бундай пәрўазларды шөлкемлестириў бойынша халықаралық бирге ислесиў перспективалары көрип шығылды.

Космонавтты космосқа ушырыў анық илимий бағдарламаны әмелге асырыў менен тығыз байланыслы болыўы зәрүрлиги атап өтилди. Бул жетискенлик мәмлекетимиздиң халықаралық абырайын арттырыў менен бирге илимий потенциалды раўажландырыў, жаңа жойбар ҳәм технологиялық басламалардың пайда болыўы, жаслардың илим ҳәм технологияларға қызығыўшылығының артыўына хызмет етиўи керек.

Өзбекстан космонавты космоста болыў дәўиринде алып барылыўы мүмкин болған изертлеўлер бағдары сыпатында медицина ҳәм биология (аралықтан диагноз қойыў, жергиликли дәрилик экстрактлардың нәтийжелилигин үйрениў), өсимликлер генетикасы (қурғақшылыққа ҳәм шорланыўға шыдамлы сортларды сынаў, жабық агробиосистемалар модели), материалтаныў (жыллылықты топлаў ҳәм басқарыў ушын материаллар, гезлеме ҳәм талшықларды сынаўдан өткериў) усыныс етилди.

2028-жылы Самарқанд қаласында космос бойынша халықаралық конгресс өткериў мәселелерине де тоқтап өтилди. Онда АҚШ, Европа, Қытай, Ҳиндстан, Россия ҳәм басқа да мәмлекетлердиң жетекши космослық шөлкемлери қатнасыўға қызығыўшылық билдирген.

Жуўапкерлерге бул халықаралық илажға жоқары дәрежеде таярлық көриў тапсырылды.

Презентация жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёев жасалма жолдаслар жойбарлары ҳәм миллий космонавтты таярлаў бойынша есап-санақ ҳәм әмелий усынысларды пуқта ислеп шығыў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.

ӨзА