2026-жылға мөлшерленген реформалар бағдарламалары ҳәм Мәмлекетлик бағдарлама жойбарлары таныстырылды

50

Президент Шавкат Мирзиёевқа ең тийкарғы реформалар бағдарламалары және “Өзбекстан – 2030” стратегиясын 2026-жылы әмелге асырыў бойынша Мәмлекетлик бағдарлама жойбарлары бойынша мәлимлеме берилди.

Атап өтилгениндей, бул жойбарлар алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында пүткиллей жаңа қатнас тийкарында ислеп шығылды. Оларда Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген быйылғы жылдағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары ҳәм мақсетли көрсеткишлери және оларды әмелге асырыўдың анық механизмлери белгиленбекте.

Реформалар бағдарламалары ҳәм Мәмлекетлик бағдарламаның бир-биринен өзгеше тәреплерине айрықша тоқтап өтилди.

Реформалар бағдарламалары мәмлекетимиз басшысының халқымыз ҳәм Олий Мажлиске Мүрәжатында алға қойылған басламалар ҳәм 2026-жыл ушын ең тийкарғы реформаларды қамтып алған.

Олар мәҳәллелер инфраструктурасын жетилистириў ҳәм оларға Жаңа Өзбекстан көринисин алып кириў, экономиканы технологиялық ҳәм инновациялық өсиў моделине өткериў ҳәм ишки базарда талапты хошаметлеў, кәсиплерди раўажландырыў ҳәм жаңа мийнет базары архитектурасын жаратыў, экологиялық теңсалмақлылықты тәмийинлеў ҳәм суўдан ақылға уғрас пайдаланыўды шөлкемлестириў және мәмлекетлик басқарыў ҳәм суд-ҳуқық системасын жетилистириў, жәмийетте аўызбиршиликти тәмийинлеў арқалы оны жоқарылатыў болып есапланады.


Бул бағдарламаларда “ҳүжжет ислеп шығыў”дан “нәтийжеге ерисиў” принципине өтилмекте. Ҳәр бир басламаны әмелге асырыў механизмлери ҳәм жыл ақырына мөлшерленген орынлаў нәтийжелери бойынша KPI белгиленген. Бағдарламалар тиккелей әмел етиў механизмине ийе ҳәм айырым басламалар бойынша өз алдына ҳүжжет қабыл етиўди талап етпейди. Ҳәр бир реформалар бағдарламасының орынланыўы ушын жеке жуўапкер болатуғын жуўапкер басшы ҳәм муўапықластырыўшы мәмлекетлик шөлкем белгиленбекте.

“Өзбекстан – 2030” стратегиясын “Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерлетиў жылы”нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламада болса стратегияның 2026-жыл ушын белгиленген мақсетли көрсеткишлериниң орынланыўы шөлкемлестириледи. Бағдарлама менен 337 бәнттен ибарат әмелий илажлар режеси тастыйықланбақта. 2026-жылы тараўлар кесиминде ең әҳмийетли 59 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары ҳәм ең әҳмийетли стратегиялық реформаларды нәзерде тутатуғын 12 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары ислеп шығылады.

Жойбарларды ислеп шығыўда жәмийетшиликтиң пикирин есапқа алыўға айрықша итибар қаратылғаны атап өтилди. Мәмлекетлик бағдарлама кең жәмийетшиликтиң додалаўынан өткерилип, 23-январь – 1-февраль күнлери ғалаба хабар қураллары ҳәм интернет тармақларында кеңнен үгит-нәсиятланды. Интернетте жойбар менен 5 миллионнан аслам пайдаланыўшы танысып, 22 мыңнан аслам пикир-усыныслар билдирилди.

Жоқары оқыў орынлары ҳәм мәмлекетлик уйымларда 50 ден аслам додалаў илажлары өткерилип, 10 мыңға шамалас студент, профессор-оқытыўшылар ҳәм мәмлекетлик хызметкерлер қатнасты. Сырт елдеги ўатанласлар менен де айрықша сөйлесиўлер шөлкемлестирилип, бир қатар қосымша басламалар билдирилди.

Таллаўлар нәтийжесинде конструктивлик деп табылған 1000 ға шамалас усыныс сайлап алынып, Мәмлекетлик бағдарлама жойбарына киргизилди.

Соның ишинде, ҳаял-қызлар ҳәм балаларға зорлық ушын жазаны күшейтиў, педофиллик ушын өмирлик еркинен айырыў жазасын енгизиў, ипотека ҳәм электромобиль сатып алыў ушын кредит механизмлерин жетилистириў, қайта тиклениўши энергия дереклериниң үлесин 30 процентке жеткериў, коррупцияға қарсы гүресиўди жаңа басқышқа алып шығыў, жынаят ислери бойынша судларда халық ўәкиллери коллегиясының қатнасыўын жолға қойыў сыяқлы басламалар қоллап-қуўатланды.

Сондай-ақ, мәҳәлле қаржылары жумсалыўы бойынша ашық есап бериўди күшейтиў, мәҳәллелерде ишки жоллар, пиядалар ҳәм веложолларды шөлкемлестириў, бизнес-инкубаторлар жаратыў, санаат зоналары жанында кәсиплик қайта таярлаў орайларын ашыў, терек кескени ушын жуўапкершиликти қатаңластырыў, энергия нәтийжелилиги бойынша KPI енгизиў, утилизациялаў ҳәм қайта ислеў шынжырын жолға қойыў сыяқлы усыныслар қызықлы деп табылды.


Буннан тысқары, АҚШ, Германия, Түркия, Франция, Канада, Корея, Япония, Швеция, Португалия ҳәм Қазақстанда ўатанласлар қатнасыўында додалаўлар шөлкемлестирилип, 60 қа шамалас қосымша усыныслар алынды.

Сырт елдеги ўатанласлар мәмлекетлик емес мектеплердиң жумысын раўажландырыў ушын анық, турақлы ҳәм ашық-айдын лицензиялаў ҳәм қадағалаў механизмлерин енгизиў, әмелият процесинде оқыўшыларды бағдарлаўшы кәрхана қәнигелери ушын хошаметлеў ҳәм жуўапкершилик системасын енгизиў, жатыр мойны ҳәм көкирек бези раги бойынша қәўип топарларын анық белгилейтуғын бирден-бир санлы скрининг системасын енгизиў, жеңиллетилген кредитлерди ажыратыўда “нәтийжеге байланыслы жеңиллик” (performance-based subsidy) моделин, экспорт етиўши кәрханалар ушын болса “Export-as-a-service” моделин енгизиў, яғный логистика, бажыхана, сертификатлаў, маркетинг ҳәм төлем мәселелерин бирден-бир оператор арқалы комплексли хызмет сыпатында усыныў, адвокатлар ушын электрон нәўбет алыў процеси бойынша қолланба ҳәм видеоқолланбалар таярлаў сыяқлы усынысларды билдирген.

Бағдарламалардың орынланыўын қаржыландырыўға жәми 250,5 триллион сум ажыратылыўы ҳәм 50,4 миллиард доллар қаржы тартылыўы нәзерде тутылған.

Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы бойынша Әдиллик министрлиги ҳәм Есап палатасы турақлы мониторинг алып барады, Министрлер Кабинети ҳәр шеректе орынланыўды додалап барады, ҳәр ярым жылда Олий Мажлис Нызамшылық палатасына есабат ҳәм ҳәр айда Президентке мәлимлеме киргизип барылады.

Ҳәр бир реформалар бағдарламасы ушын бириктирилген жуўапкерлер ҳәр шеректе орынлаў жағдайы бойынша Президентке мәлимлеме берип барады. Бас министр реформалар бағдарламаларындағы басламалардың әмелге асырылыўы ҳәм қаржыландырылыўын муўапықластырып, орынланыўын қатаң қадағалаў ушын жуўапкер болады.

Мәмлекетимиз басшысы презентация етилген жойбарлар менен толық танысты, тийисли пәрманға қол қойып, реформалар бағдарламалары ҳәм “Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти жоқарылатыў жылы” мәмлекетлик бағдарламасын тастыйықлады. Барлық реформа ҳәм илажлар, бәринен бурын, адамлардың турмысында анық нәтийже бериўи – жаңа жумыс орынларының көбейиўи, дәраматлардың өсиўи ҳәм халықтың разылығында өз көринисин табыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

ӨзА