Өзбекстан Президенти әмелий сапар менен Америка Қурама штатларында болады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трамптың мирәт етиўине бола 17-19-февраль күнлери Тынышлық кеңесиниң дәслепки мәжилисинде қатнасыў ушын әмелий сапар менен Вашингтон қаласында болады.
Кеңестиң биринши саммити АҚШ Тынышлық институтында болып өтеди ҳәм Газа секторын тиклеў, оған гуманитарлық жәрдем көрсетиў, бул регионда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў мәселелерине бағышланады.
Өзбекстан жетекшиси сапар етиўдиң исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде Американың жетекши компаниялары ҳәм финанс институтларының басшылары қатнасыўындағы стратегиялық жойбарларды таныстырыў ҳәм экономикалық тараўға байланыслы еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў мәресиминде қатнасыўы нәзерде тутылған.
Еслетип өтемиз, Тынышлық кеңеси АҚШ Президенти Дональд Трамптың басламасы менен шөлкемлестирилген. Өзбекстан усы жылдың январь айында Швейцарияның Давос қаласында оған шөлкемлестириўши мәмлекет сыпатында қосылды.
ӨзА