Инсан  ушын ең зәрүр  өним ислеп шығарылмақта

35

Халқымызда «Еринбеген етикши болады» деген гәп бар. Өйткени, қол мийнети менен аяқ кийимди тигиў ушын бир неше күн сабырға толы мийнетти талап ететуғын етикшилик кәсиби бүгин заманның раўажланған ўақтында да өз әҳмийетин жойытпады.

Ҳақыйқатында да, бүгин заманагөй үскенелер менен барлық ислеримиз «бәржай» болмақта. Арамызда бүгин де етикшилер бар. Кемис-қутығыңды жөнлеп беретуғын бул кәсип ийелерине мың алғыс айтсаң арзыйды. Бирақ, станоклар жәрдеминде исленетуғын аяқ кийимлерге «темир-терсекке» қосымша инсанның  қол мийнети де сиңеди.

Бүгин Қарақалпақстанда исбилерменлер ушын қолайлы бизнес орталығы жаратылып атырған бир пайытта  Хожели районы Наўрыз МПЖ да аяқ-кийим ислеп шығаратуғын кәрхана өз жумысын баслады. Бурын сырт мәмлекетлерден яки ўәлаятларда ислеп шығарылған аяқ-кийимлерди пайдаланып келген болсақ, өзимиздиң Хожелиден аяқ кийим ислеп шығаратуғын  кәрхананың иске түсиўи арқалы  «DO`SLAR SHOES XO`JAYLI» ЖШЖ тәрепинен былғары аяқ кийимлер ишки базарларымызға шығарыла баслады.

Республикамызда ислеп шығарыў кәрханалардың жумысын жетилистириў ҳәм базарды бәсекеге шыдамлы сапалы  өнимлер  менен толтырыў мақсетинде алып барылып атырған жумыслар шеңберинде бул кәрхананың иске түсиўи  тек ғана хожелишилер ушын емес, республикамыз турмысында үлкен жаңалық болды.  Демек, бизиң күнледикли турмысымызда көп қолланылатуғын, инсан ушын ең зәрүр болған өним ислеп шығарылмақта.

Улыўма баҳасы 8,3 млрд. сум болған жойбар тийкарында толық қуўатлылықта иске түскен кәрханада 150 жаңа жумыс орны жаратылыўы белгиленген болып, бүгинги күнде 60 адамның бәнтлиги тәмийинленген. Кәрхана Қытайдан алып келинген заманагөй үскенелер менен тәмийинленген болып, 20 дан аслам түрдеги аяқ кийим моделлерин ислеп шығарыў имканиятына ийе.  Өнимлер ишки базар менен бир қатарда экспортқа бағдарланыўы да режелестирилген.



– Қарақалпақстанда исбилерменлер ушын жаратылған имканиятлардан орынлы пайдаланып, кәрханамызды шөлкемлестирип, жумыс алып барып атырмыз. Бул жерде бизнес ислеў ушын ҳүрметли Президенитимиз тәрепинен исбилерменлерге көплеген шараятлар жаратылып берилмекте. Бул жеңилликлер жумыслардымызды жетилистириўде биз исбилерменлерге үлкен жәрдем болмақта. Мақсетимиз сапалы аяқ кийимлерди ислеп шығарып ишки базарды толтырыў ҳәм қарыйдарлардың исенимине ерисиў. Соң  өнимлеримизди экспортқа шығарыўды мақсет етпектемиз, – дейди кәрхананың ис жүритиўшиси Н.Умирзақов.

Қарақалпақстан бүгин раўажланыўлар жолында айдын келешекке қарай бармақта. Жылына 50 мың дана жуп аяқ-кийим тигип, халыққа жеткериўди алдына мақсет етип қойған кәрхана республикамызда ислеп шығарыў ҳәм бизнес орталықта өз орнына ийе болыўы менен бирге имканиятлардың әмелдеги нәтийжеси болып есапланады. Бул жолда кәрхана жаңа жойбарлар жетегинде жумыс нәтийжелилигин арттырмақта.

                                                Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги