Тәбиятқа қыянет жазасыз қалмады
32

Экология тараўындағы қадағалаў илажлары республикамыз бойлап даўам етпекте. Гезектеги “рейд” нәтийжеси оғада ашынарлы: бир лаўазымлы шахстың жуўапкерсизлиги тәбиятқа ҳәм өзиниң қалтасына үлкен зыян жеткерди.
Рейд даўамында лаўазымлы шахс тәрепинен шөлкем аймағындағы жерде тәбийғый ҳалда өсип турған 11 түп жийде ҳәм 43 түп тораңғыл тереклерин нызамсыз түрде кесип таслағаны анықланды.

Жынаят ислери бойынша судтың 2026-жыл 28-январьдағы қарарына тийкарланып, тәбиятқа жеткерилген 246 миллион 375 мың сум муғдарындағы зыянның қапланыўы лаўазымлы шахсқа жүкленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги