Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан шерикликтиң күшли басқышында

Әййемги цивилизацияның бесиги болған Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан арасындағы дослық байланыслар тарийхы узақ өтмишке барып тақалады.
Атап айтқанда, Әбиў Райхан Берунийдиң әпсаналық үлкеге сапары тәсиринде жазылған “Ҳиндстан” шығармасынан орын алған баҳалы дереклер, шах шайыр Зәҳириддин Муҳаммед Бабурдың “Бабурнама”сында сәўлеленген әзелий байланыслар сыпатламасы сырлы Ҳиндстан ҳәм бул елдиң мәмлекетимиз бенен үйлес тарийхынан сөз етеди. Бабур кең дүньяқарасы ҳәм жетик ақыл-ойы менен Ҳиндстанда Бабурийлер династиясына тийкар салды.
Ҳиндстанда көплеген социаллық-қайырқомлық жумысларды әмелге асырды, мәмлекеттиң раўажланыўына айрықша тәсир көрсетти. Пытыранқылыққа, өз-ара келиспеўшиликке, қырғынларға шек қойып, елди абаданластырыўға, илим-өнер ҳәм дийқаншылықты раўажландырыўға үлкен итибар қаратты.
Кейинги жылларда әзелий туўысқанлық мүнәсибети мине усы руўхта жанланып, биргеликте өткерилип атырған ушырасыў ҳәм әнжуманлардың салмағы бираз кеңейди. Ҳиндстан сыртқы ислер министри Субраманян Жайшанкар жақында Өзбекстан Сыртқы ислер министри Бахтияр Саидов пенен толық сәўбет өткергени, онда еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўдиң толық шеңбери көрип шығылғаны ҳәм байланыслардағы әҳмийетли унамлы пәт тастыйықланғаны бул пикиримиздиң айқын дәлили болып есапланады. Сөйлесиўде сиясий байланыслар, экономикалық бирге ислесиў ҳәм регионаллық және көп тәреплеме майданларда ҳәрекетлерди муўапықластырыў темалары көрип шығылды, ҳәр еки тәреп те шериклик келешекте және де раўажланыўына исеним билдирди.
Мырза Жайшанкар бул сөйлесиўди нәтийжели деп атады, еки министр әҳмийетли тараўлар бойынша алға илгерилеўди жоқары баҳалады, Өзбекстан-Ҳиндстан қатнасықларының келешектеги бағдары ҳаққында оптимизм билдирди. Өзбекстан сыртқы сиясат уйымының басшысына бола, жыл даўамында еки мәмлекеттиң мәплерин және де раўажландыратуғын бир қатар үмит бағышлайтуғын нәтийжелер күтилмекте. Кейинги министрлик сөйлесиўлери соңғы он жыл ишинде Өзбекстан-Ҳиндстан байланысларының улыўма өсиўин сәўлелендиреди. Еки мәмлекет стратегиялық, экономикалық ҳәм мәдений тараўларда қатнасықларды турақлы түрде кеңейтип келмекте, бул болса турақлы жоқары дәрежедеги сиясий сөйлесиўлер менен қоллап-қуўатланды. Өзбекстан Орайлық Азияда Ҳиндстанның әҳмийетли шериклеринен бирине айланды, ҳәр еки тәреп регионаллық турақлылық, байланыслылық ҳәм экономикалық интеграцияда бир-бирин әҳмийетли мәпдар тәреп деп есапламақта.
Еки тәреплеме товар алмасыўдың көлеми турақлы өсип атырған болып, оған фармакология, энергетика, тоқымашылық, аўыл хожалығы ҳәм мәлимлеме технологиялары сыяқлы секторларда кеңейип атырған бирге ислесиў өз үлесин қосып атырғанын атап өтиў керек.
Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик тараўында бирге ислесиў жеделлеспекте, ҳәр еки мәмлекет биргеликтеги тренинг бағдарламалары, терроризмге қарсы бирге ислесиў ҳәм стратегиялық мәсләҳәтлесиўлер алып бармақта. Бул шериклик регионаллық қәўипсизлик машқалалары бойынша улыўма тәшўишлер Орайлық Азия ҳәм Қубла Азия регионларында тынышлықты хошаметлеўге байланыслы улыўма мәпке тийкарланады.
Халықлар арасындағы байланыслар да қатнасықлардың әҳмийетли тиреги болып келмекте. Өзбекстанлы студентлер арасында Ҳиндстанда, әсиресе медицина ҳәм инженерлик бағдарларында жоқары билим алыўды таңлап атырғанлардың саны артып бармақта, мәдений алмасыўлар болса йога, дәстүрий медицина ҳәм туризмге бағышланған бағдарламалар арқалы кеңеймекте. Жипек жолы дәўирине барып тақалатуғын тарийхый байланыслар заманагөй дипломатиялық байланыслар ушын беккем мәдений тийкар жаратып атырғаны сыр емес.
Министрликтиң сөйлесиўлери мәмлекет басшылары дәрежесиндеги даўамлы байланыслар менен де избе-изликке ийе. 2025-жыл август айында Бас министр Нарендра Модидиң Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев пенен телефон арқалы сөйлесиўи болып өткен болса, жақында Өзбекстан басшысы Ҳиндстанның 79 жыллық Ғәрезсизлик күни мүнәсибети менен Бас министр Нарендра Модиға ҳәм Ҳиндстан халқына жыллы сәлемлерин жоллаған еди. Бул сөйлесиўде еки басшы саўда-экономикалық, байланыслылық, денсаўлықты сақлаў, технологиялар ҳәм халықлар арасындағы алмасыўлар сыяқлы кең көлемли секторлардағы бирге ислесиў темаларын додалады. Олар регионаллық ҳәм глобаллық көлемдеги мәселелер бойынша да пикир алысты. Еки жетекши сөйлесиўди даўам еттириўге ҳәм еки тәреплеме қатнасықларды буннан былай да алға қойыўға келисип алды.
Байланыслылық (connectivity) еки мәмлекет ушын тийкарғы стратегиялық әҳмийетке ийе. Яғный, Орайлық Азияны Қубла Азия ҳәм басқа да регионлар менен байланыстыратуғын транспорт коридорларын жетилистириў өз-ара саўда потенциалын ашыў, инвестиция ағымларын жеңиллетиў ҳәм регионаллық экономикалық бирге ислесиўди беккемлеў ушын шешиўши фактор болып есапланады. Усы ҳәптениң басында Ҳиндстанның Өзбекстандағы елшиханасы Ташкентте 26-январь күни Ҳиндстанның Республика күни мүнәсибети менен Ҳиндстанның Өзбекстандағы елшиханасы қабыллаў мәресимин өткерди, бул еки тәреплеме қатнасықлардағы қызғынлықты және бир мәрте көрсетти. Илажда жоқары дәрежели өзбек рәсмийлери, дипломатлар, исбилерменлер ҳәм ҳинд жәмийетшилигиниң ағзалары қатнасты, бул еки мәмлекет арасындағы дипломатиялық ҳәм жәмийетлик байланыслардың кеңейип атырғанын көрсетти.
Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан келешекке бағдарланған бирге ислесиўди экономика, билимлендириў, қәўипсизлик, денсаўлықты сақлаў ҳәм регионаллық дипломатия сыяқлы тараўларда беккемлеў нийетинде. Итибар сиясий ерк-ықрар ҳәм ийгиликли анық нәтийжелерге – исбилерменлер ҳәм пуқаралардың мәпине – айландырыўға қаратылмақта. Өз-ара исеним ҳәм аўызбиршилик сыяқлы беккем тийкарға тийкарланған көп әсирлик дослық, әлбетте, келешекте де үлкен потенциал ҳәм жоқары имканиятларға ийе болып қалады.
ӨзА