Сырт ел баспасөзи Өзбекстан ҳаққында

15

Европа Аўқамының мәлимлеме дереклеринде Өзбекстанда болып өткен реабилитация ҳәм реинтеграция сиясатын жетилистириў мәселелерине бағышланған илаж толық сәўлелендирилди.

Атап өтилгениндей, усы жылы 10-февраль күни Ташкентте Президент жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институтының басламасы менен мәмлекетлик уйымлар, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасыўында ушырасыў өткерилген.

Әнжуманда келеси жыл ушын әмелий илажлар келисип алынып, биргеликтеги ҳәрекетлерди муўапықластырыў механизми белгилеп алынған. Додалаў ўақтында Европа Аўқамы тәрепинен қаржыландырылып атырған “Судлаў, реабилитация ҳәм реинтеграция” (PRR) бағдарламасын миллий тийкарғы бағдарлар менен үйлестириўге айрықша итибар қаратылды.

Бизге белгили, Өзбекстан қәўипсизлик, әдиллик ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў үйлескен қатнас жасаўды қоллап-қуўатламақта. Кейинги жыллары ҳүкиметимиздиң ҳәрекети менен Ирақ ҳәм Сириядан 500 ге шамалас пуқара қайтарылғаны халықаралық көлемде ҳақылы түрде тән алынды.

Бағдарламада халықаралық шериклер GCERF, IIJ ҳәм “Hedayah” шөлкемлери қатнасқан. Жойбар ҳуқық қорғаў системасын беккемлеў, психологиялық ҳәм кәсиплик қоллап-қуўатлаў, жәмәәтлерди тартыў ҳәм социаллық стигманы азайтыў сыяқлы бағдарларды қамтып алған.

Басылымлардың атап өтиўинше, бундай бирге ислесиў реинтеграцияны тек ғана қәўипсизлик илажы емес, ал турақлы жәмийетти қәлиплестириў факторы сыпатында да көрсетиўге хызмет етпекте.

Д.Ҳакимов, ӨзА