Әке алимент орнына турақ жай саўға етти

Пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлар аралық судының орынлаў ҳүжжетине тийкарланып, өндириўши Қ.Ғ.ның пайдасына тәрбиясындағы үш перзентиниң тәмийнаты ушын қарыздар Қ.И.дың ҳәр айдағы жәми дәраматынан 50 процент муғдарында алимент өндириў белгиленген.
Бул орынлаў ҳүжжети Мәжбүрий орынлаў бюросы Шымбай районы бөлиминиң ис жүргизиўине келип түскен ҳәм бөлим мәмлекетлик орынлаўшылары тәрепинен орынлаў ҳәрекетлери алып барылған.
Жуўапкер Қ.И. алимент төлемлерин турақлы түрде өз ўақтында төлемеўи ақыбетинде оның қарызы 158 миллион сумнан асып кеткен. Сол себепли оның жуўапкершилик мәселесин шешиўге қаратылған ҳәрекетлер алып барылған.
Қарыздар Шымбай районында жайласқан өзиниң атындағы үйин бурынғы өмирлик жолдасына саўға етти. Буннан соң, өндириўши Қ.Г. Бюроның Шымбай районлық бөлимине 31-январь күни келип, жоқарыда көрсетилген суд ҳүжжети тийкарында өндирилиўи белгиленген алимент пулынан ўаз кешетуғынлығын билдирип арза берди ҳәм орынлаў ҳәрекети сапластырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги