Өзбекстан сыртқы сиясаты: геосиясий турақлылық ҳәм экономикалық дипломатияның жаңа басқышы

13

Соңғы сегиз жыл ишинде Өзбекстан сыртқы сиясаты мазмун жағынан түп-тийкарынан жаңаланды.

Алдынғы дәўирде тийкарғы итибар қәўипсизликке қаратылып, дипломатия итибарлы характерге ийе болған болса, бүгин мәмлекет жедел, ашық ҳәм нәтийжеге бағдарланған сыртқы сиясат жүргизбекте. Бундай жаңа концепцияда миллий мәп, экономикалық раўажланыў ҳәм регионаллық турақлылық тийкарғы етип белгиленген.

Орайлық Азия

Орайлық Азия Өзбекстан сыртқы сиясатының тийкарғы бағдары сыпатында тән алынады. 2016-жылдан кейин қоңсылас мәмлекетлер менен қатнасық сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилди. Шегараларды делимитациялаў ҳәм демаркациялаў бойынша келисимлерге ерисилди, қадағалаў-өткериў пунктлери қайта ашылды, транспорт қатнаўы тикленди. Бул процесс регионда исеним ҳәм ашық-айдынлық орталығын қәлиплестирди.

Президент жанындағы Статистика агентлигиниң мағлыўматына бола, Өзбекстанның Орайлық Азия мәмлекетлери менен товар алмасыў көлеми 2016-жылы 2,5 миллиард доллар әтирапында болған, 2023-жылдың жуўмағында 9 миллиард долларға жақынласты, 2024-жылы болса 11 миллиард долларға жетти. Демек, сегиз жылда бул көрсеткиш дерлик төрт есеге өскен. Қоңсы мәмлекетлердиң елимиздиң сыртқы саўдасындағы үлеси 10 проценттен дерлик 20 процентке көтерилген.

Атап айтқанда, Қазақстан менен саўда 4 миллиард доллар әтирапында, Қырғызстан менен товар алмасыў бир неше есеге артқан, Тәжикстан менен болса 1 миллиард доллар шегарасынан өтти. Түркменстан менен де экономикалық байланыслар турақлы өспекте. Бул санлар регионаллық бирге ислесиўдиң әмелий нәтийжесин көрсетеди.

Инфраструктура тараўындағы өзгерислер де үлкен әҳмийетке ийе. Жаңа автомобиль ҳәм темир жолларда қатнаў тикленди, шегара алды саўда аймақлары ҳәм логистика орайлары шөлкемлестирилди. “Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жолы қурылысының басланыўы, Транскаспий халықаралық транспорт коридорының жеделлесиўи региондағы транзит потенциалын арттырмақта.

Сиясий сөйлесиў институционаллық түс алды. Орайлық Азия мәмлекет басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўы турақлы өткерилмекте. Самарқанд қаласында 2022-жыл ШБШ саммити, 2023-жыл Орайлық Азия – Европа Аўқамы форумы, 2025-жыл ЕА – Орайлық Азия саммити шөлкемлестирилди. Бул әнжуманлар регионды глобаллық дипломатиялық күн тәртибине шығарды.

Улыўма, регионаллық саўда көлеми 11 миллиард доллардан артыўы ҳәм институционаллық қарым-қатнастың беккемлениўи тек ғана экономикалық жетискенлик емес, ал исенимли сиясий қарым-қатнас, ашық шегара ҳәм интеграцияға қаратылған сыртқы сиясаттың нәтийжеси болып есапланады. Енди Орайлық Азия сыртқы сиясатымызда тийкарғы мәкан сыпатында беккем орын ийелеген.

Европа

Европа Аўқамы менен қатнасық Өзбекстан сыртқы сиясатының стратегиялық бағдарларынан бирине айланды. Кейинги жылларда өз-ара сөйлесиў системалы түрге енди ҳәм ҳуқықый база жетилистирилди. Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисим бойынша сөйлесиўлер 2024-жылы жуўмақланып, ҳүжжетке қол қойыў процеси жуўмақлаўшы басқышқа кирди. Бул келисим саўда, инвестиция, энергетика, санлы экономика, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм нызам үстинлиги тараўларын қамтып алған кең көлемли механизм сыпатында баҳаланбақта.

Соңғы рәсмий мағлыўматқа бола, 2024-жылдың жуўмағында тәреплер арасындағы товар алмасыўдың баҳасы 6 миллиард евродан асты. ЕА Өзбекстанның ең ири үш саўда шеригинен бирине айланды. Экспорт қурамында реңли металлар, химия өнимлери, минерал төгинлер, аўыл хожалығы өнимлери ҳәм тоқымашылық өнимлери үстинлик етеди.

Европа Аўқамының GSP + жеңиллетилген саўда режими шеңберинде 6 000 нан аслам түрдеги өним Европа базарына бажысыз кирип келмекте. Бул тәртиптен нәтийжели пайдаланыў нәтийжесинде тоқымашылық ҳәм таяр кийим-кеншек жибериў сезилерли дәрежеде күшейди. Кейинги еки жылда ески коньтинентке експорт көлеми турақлы өсип бармақта.

Инвестиция тараўының раўажланыўында да унамлы пәт ҳүким сүрмекте. Европа компасыниялары энергетика, химия санааты, логистика ҳәм жасыл экономика жойбарларында белсене қатнаспақта. Атап айтқанда, қайта тиклениўши энергия дереклери, самал ҳәм қуяш электр станцияларының қурылысында сырт ел инвестициясы салмақлы орын ийелейди.

Усы бағдардағы шериклик институционаллық реформаларға да унамлы тәсир етпекте. Нызам үстинлиги, инсан ҳуқықы, суд-ҳуқық системасының реформасы, мәмлекетлик басқарыўдың ашық-айдынлығы ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша пикирлесиў механизми жолға қойылған. ЕА менен жасыл өтиў, углерод шығындысын азайтыў ҳәм Турақлы раўажланыў мақсетлери бойынша бирге ислесиў айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Самарқанд қаласында өткерилген “Европа Аўқамы – Орайлық Азия” саммити қатнасықларды регионаллық форматта беккемлеўге хызмет етти. Әнжуманда транспорт шынжыры, санлы трансформация ҳәм энергия қәўипсизлиги мәселелери толық додаланды.

Россия ҳәм Қытай

Россия ҳәм Қытай менен қатнасық Өзбекстанның сыртқы сиясатында әҳмийетли орын иелейди. РФ республикамыздың дәстүрий саўда ҳәм мийнет миграциясы тараўындағы ири шериги болып есапланады. Бул мәмлекет пенен саўда көрсеткиши 9 миллиард долларға шамаласқан.

Қытай болса елимиздиң ең ири саўда шериги. Ҳәзирги ўақытта товар алмасыўдың көлеми 14 миллиард доллардан артқан. Инфраструктура, энергетика ҳәм санаат жойбарларында ҚХР капиталы белсене қатнаспақта.

Бул мәселеде тийкарғы тәрепи тең салмақлылық. Өзбекстан ҳеш бир аўқам ямаса геосиясий платформаға толық қосылмастан, ҳәр бир бағдарда миллий мәпти үстин қоймақта.

АҚШ

Америка Қурама Штатлары менен қатнасықлар да соңғы жылларда жаңа сапа басқышына көтерилди. Өзбекстан – АҚШ стратегиялық шериклиги қәўипсизлик, экономикалық реформа, энергетика, билимлендириў ҳәм инсан капиталын раўажландырыў сыяқлы бағдарларда системалы түрге енди.

C5+1 форматы шеңберинде сөйлесиў беккемленди. 2023-жыл сентябрь айында Нью-Йорк қаласында өткерилген биринши С5+1 саммити регионаллық бирге ислесиўди жаңа дәрежеге алып шықты. Бул әнжуманда транспорт шынжыры, энергетика қәўипсизлиги, климат өзгериўи ҳәм регионаллық турақлылық мәселелери бойынша биргеликтеги басламалар алға қойылды.

2023-2024-жылларда Вашингтон ҳәм Ташкент стратегиялық шериклик сөйлесиўин жедел даўам еттирди. Мәмлекетлик департамент ҳәм мәмлекетимиз Сыртқы ислер министрлиги арасындағы мәсләҳәтлесиў шеңберинде инвестициялық орталықты жақсылаў, саўданы диверсификациялаў, санлы экономика ҳәм жасыл энергетика тараўларында бирге ислесиў мәселелери көтерилди.

Экономикалық көрсеткиш байланыстың әмелий нәтийжесин көрсетпекте. Рәсмий мағлыўматқа бола, 2024-2025-жыллары үлкемизге тартылған улыўма сырт ел инвестициясының баҳасы 40 миллиард доллардан асты. 2016-жылы 2 миллиард доллар әтирапында болған тиккелей сырт ел инвестициясы ағымы соңғы жылларда он есеге шамалас жеделлести. Бул процессте АҚШ компаниялары энергетика, нефть-газ комплекси, агросанаат ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўларында белсене қатнаспақта.

Сыртқы саўда айланысы турақлы өсиўди көрсетпекте. Бул көрсеткиш 2016-жылы 24 миллиард доллар еди, 2023-жылы 60 миллиард долларға жетти, 2024-жылдың жуўмағында болса 70 миллиард долларға шамаласты. Экспорт қурамы диверсификацияланбақта. Алтын ҳәм шийки зат пенен бир қатарда санаат өнимлери, химия санааты товарлары ҳәм тоқымашылық экспортының үлеси артпақта.

Транзит орайына айланыў

Географиялық жақтан Өзбекстан Орайлық Азияның дәл ортасында жайласқан ҳәм еки континент ишиндеги мәмлекет сыпатында теңиз портларына тиккелей шығыў имканиятына ийе емес. Соның ушын транспорт ҳәм логистиканы диверсификациялаў сыртқы сиясатымыздың стратегиялық бағдарына айланған. Кейинги жылларда транзит инфраструктурасын раўажландырыў, жаңа халықаралық коридорларға жалғаныў ҳәм жүк тасыў көлемин арттырыў илажлары көрилмекте.

Бул бағдардағы ең әҳмийетли жойбарлардан бири “Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан” темир жолы болып есапланады. 2024-жылы үш мәмлекет басламаны әмелий басқышқа өткериўге келисти ҳәм қурылыс басланды. Узынлығы 500 километрден аслам болған бул магистраль Қытайдан Орайлық Азия арқалы Жақын Шығыс ҳәм Европа базарларына шығыў жолын сезилерли қысқартады. Аралық 800-900 км қысқарып, ҳәзирги жеткерип бериў ўақтынан бир неше күн үнемлениўи күтилмекте. Бул тек ғана транзит дәраматын арттырып қоймастан, ал елимизди регионаллық логистика орайына айландырады.

Транскаспий халықаралық транспорт коридоры (Орта коридор) да айрықша әҳмийетке ийе. Қазақстан, Әзербайжан ҳәм Түркия арқалы Европа базарына шығыў имканияты жаратылып атырған бул жөнелисте жүк көлеми кейинги еки жылда бир неше есеге артты. 2023-2024-жылларда Өзбекстан бул коридор арқалы тасылған жүк көлемин сезилерли дәрежеде көбейтти, контейнер тасыў географиясы кеңейди. ЕА менен транспорт шынжырын беккемлеў бойынша келисим бул бағдардың стратегиялық әҳмийетин және де арттырады.

Ҳәзирше додалаў басқышында болса да, Аўғанстан арқалы Пакистан портларына шығыўды нәзерде тутатуғын темир жол жойбары әмелге асса, республикамыз ушын Араб теңизи портларына тиккелей жол ашылады. Бул экспорт географиясын диверсификациялаў, логистика қәрежетин кескин қысқартыў имканиятын береди.

Геосиясий риск

Глобаллық санкция сиясаты, ири мәмлекетлердиң бәсекиси ҳәм тәмийнат шынжырындағы үзилис Өзбекстанның сыртқы сиясаты ушын шараятты бир қанша қыйынластырады.

Бул процесстеги тийкарғы қәўип теңсалмақлықты сақлаўда қәтеликке жол қоймаў. Себеби, бир бағдардағы артықша аўысыў екинши бағдардағы исенимге тәсир етиўи мүмкин. Усы мәниде Жаңа Өзбекстанның сыртқы сиясаты прагматикалық, тең салмақлы ҳәм нәтийжеге бағдарланған өзгешеликке ийе. Регионаллық үстинлик, көп векторлы бирге ислесиў ҳәм экономикалық дипломатияның үйлесиўи мәмлекетимиздиң халықаралық абырайын арттырмақта. Геосиясий басым күшейген дәўирде теңсалмақлылықты сақлаў қатаң сынақ. Сонлықтан, соңғы жыллардағы санлар ҳәм дипломатиялық нәтийже көрсетпекте, таңланған дурыс жол әллеқашан өзиниң нәтийжесин бере баслаған.

Дилшод Ҳакимов, ӨзА