Өзбекстан сыртқы ислер министри Мюнхен әнжуманында қатнасты

15

Мәмлекетимиз сыртқы ислер министри Бахтияр Саидов дәстүрий 62-Мюнхен қәўипсизлик конференциясында қатнасты, деп хабар берди министрликтиң баспасөз хызмети.

– Дүньяның түрли регионларының ўәкиллери қәўипсизлик сиясатындағы тийкарғы мәселелерди додалаў ушын Германияда жыйналған, – деди Б.Саидов. – Бүгинги күнде Орайлық Азия бир регионда мәмлекетлери улыўма абаданлық жолында ҳәр қыйлы мәселелерди тыныш жол менен шеше алыўы, жүзеге келип атырған қәўип-қәтерлерге қарсы бирлесип, және де күшли бола алыўы мүмкин екенлигин айқын көрсетпекте.

Форум даўамында еки тәреплеме, регионаллық ҳәм глобаллық көлемдеги көплеген әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысылды. Соның ишинде, Грузия, Кувейт, Саудия Арабстаны, АҚШ, Европа Аўқамы мәмлекетлери ҳәм басқа да мәмлекетлерден келген дипломатлар менен ушырасыўлар өткерилди.

Сыртқы ислер министрлигиниң атап өтиўинше, әнжуманда ерисилген жетискенликлер көрип шығылып, жаңа перспективалы мақсетлер белгилеп алынбақта.

ӨзА