Инвестициялық жойбарлар менен ислесиў бойынша жаңа системаға өтилетуғыны белгиленди

Тек ғана инвестиция алып келип, жойбарды иске қосыў жеткиликли болмай, ал ҳәр бир жойбар толық ислеўи, жоқары қосымша қун жаратып, сыртқы базарға шығыўы, жумыс орынларын толық сақлап қалыўына да итибар қаратылады.
Буның ушын бағдарламаға кирген ҳәр бир жойбарды иске қосылғаннан кейин үш жыл мониторинг ететуғын “Бирден-бир миллий жойбар басқарыўы” платформасы жаратылады.
Өткен жылы техникалық-экономикалық тийкар ислеп шығыў, үскене алып келиў, қаржыландырыў, инфраструктура, жер мәселеси ўақтында шешилмегени ушын 55 ири жойбар кешиккен.
Сонлықтан, быйылғы инвестициялық бағдарлама шеңберинде баҳасы 165 миллиард долларлық 377 стратегиялық жойбар айрықша қадағалаўға алынады.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында тармақ ҳәм аймақларда жоқары экономикалық өсиў пәтлерин тәмийинлеў бойынша тийкарғы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған мәжилис болып өтпекте.
ӨзА