“Ўзчармсаноат” ассоциациясының баслығын лаўазымынан босатыўға көрсетпе берилди

15

Аяқ кийим ислеп шығарыўда мода ҳәм дизайн тез өзгерип атыр. Кәрханаларымыз ҳәзирден баслап заман талабына сәйкес түрде ислемесе, тек ғана сыртқы емес, ал ишки базарда да бәсекилесе алмайтуғыны атап өтилди.

Бирақ “Ўзчармсаноат” ассоциациясының басшылары тараўға жаңалық алып кирмегени, төменге түсип ислемегени сынға алынды.

Аяқ кийим ислеп шығаратуғын 972 кәрханадан 378 и жумысын тоқтатқан болса, және 120 сы қуўатлылығының ярымынан да пайдаланбай атыр. Қәлип, баў, фурнитура бойынша еле импортқа байланыслылық бар.

Ақыбетинде өткен жылы экспорт бойынша ўәде етилген 250 миллион доллардың 40 проценти де тәмийинленбеген. Ассоциацияның быйылғы өндирис ҳәм экспорт режесиниң де қанаатландырарсыз екени көрсетип өтилди.

Усы мүнәсибет пенен “Ўзчармсаноат” ассоциациясының баслығы А.Султоновты лаўазымынан босатыўға көрсетпе берилди.

 

ӨзА