Тармақ басшылары өзимиздеги шийки заттан таяр өним жаратыў ҳаққында бәрқулла бас қатырыўы керек екенлиги атап өтилди

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында тармақ ҳәм аймақларда жоқары экономикалық өсиў пәтлерин тәмийинлеў бойынша тийкарғы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған мәжилис болып өтпекте.
Мәселен, алтынды қайта ислеў ушын жаратылған шараятлар себепли зергерлик санаатында өткен жылдың өзинде 3,3 есе өсим болып, 13 триллион сумлық өним ислеп шығарылды. Быйыл да 1,3 есеге өсиў режелестирилген.
Электротехника тармағында да жылына 160 мың тонна мысты терең қайта ислеў қуўатлықлары бар. Бирақ өткен жылы кәрханаларға 92 мың тонна мыс берилген. Қазып алыў көлемин, рудадан алынатуғын мыс үлесин көбейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Оның ушын 57 арнаўлы техника алып келип, руда қазып алыўды 46 миллион тоннадан 64 миллион тоннаға арттырыў, жергиликли кәрханалар ушын биржаға ҳәр айда кеминде 10 мың тонна мыс шығарыў тапсырылды.
ӨзА