Оҳангаронда заманагөй электротехника өнимлери ислеп шығарылмақта

Президент Шавкат Мирзиёев Оҳангарон районына сапары даўамында “Premier” турмыслық техника өнимлерин ислеп шығарыў кәрханасының жумысы менен де танысты.
Кейинги жыллары мәмлекетимизде электротехника санаатын раўажландырыў ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланбақта. Нәтийжеде тармаққа тиккелей сырт ел инвестицияларын ҳәм заманагөй технологияларды тартыў, жергиликли шийки зат ресурсларын терең қайта ислеў, импорттың орнын басатуғын, экспорт базарларында бәсекиге шыдамлы ҳәм жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў кеңейди.

Атап айтқанда, Оҳангарондағы бул жойбар да Бирлескен Араб Әмирликлериниң “Fajr Al Mustaqbal General Trading” кәрханасы менен биргеликте 10 гектар майданда әмелге асырылып атырған болып, улыўма баҳасы 30 миллион долларды қурайды.

Жойбар шеңберинде 250 жаңа жумыс орны жаратылады, 4 миллион доллар экспорт әмелге асырылады. Ҳәзирги ўақытта қурылыс жумыслары 95 процентке орынланып, 11,3 миллион доллар инвестиция өзлестирилген.
Бул кәрханада ислеп шығарылатуғын өнимлер Әзербайжан, Қазақстан, Тәжикстан, Россия, Қырғыз Республикасы, Аўғанстан сыяқлы мәмлекетлерге экспорт етиледи.

Ҳәзирги ўақытта бундай кәрхана Өзбекстанда екеў, Орайлық Азияда болса төртеў болып, олардың арасында бул жойбар өним ислеп шығарыў көлеми бойынша екинши орында турады.

Келешекте комплекс толық иске қосылыўы есабынан 87 миллион долларлық импорттың орнын басатуғын өним ислеп шығарылыўы күтилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы кәрхананың жумыс процесин, өнимлердиң сапасын көзден өткерди. Қәнигелер ҳәм жумысшылар менен сәўбетлести.

Усы жердиң өзинде кәрхананың 2026-2027-жылларға мөлшерленген раўажланыў бағдарламасы таныстырылды. Мәмлекетимиздеги электротехника өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың көргизбеси менен танысты.
ӨзА