Мәмлекетимиз басшысы мыс қубырлар ҳәм фитинглер ислеп шығарыў кәрханасында болды

Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент ўәлаятына сапары шеңберинде Оҳангарон районындағы “Infinity Copper Group” мыс қубырлары ҳәм фитинглер ислеп шығарыў кәрханасының жумысы менен де танысты.
Жойбар Қытай ҳәм Германия компаниялары менен биргеликте 10 гектар майданда әмелге асырылып атырғаны, оның улыўма баҳасы 36 миллион долларға тең екени ҳаққында мағлыўмат берилди.

Бул жерде қурылыс жумыслары 90 процентке жуўмақланған, жойбар шеңберинде 14,9 миллион доллар инвестиция өзлестирилген.

Өзбекстанға 2025-жылы 15 миллион долларлық мыс қубырлар ҳәм фитинглер импорт етилген. Бул кәрхана толық иске қосылғаннан соң, 10 миллион долларлық импорттың орнын басатуғын өним ислеп шығарыўы күтилмекте.

Кәрханада 300 жаңа жумыс орны жаратылады, 200 миллиард сум бюджет түсимлери тәмийинленеди ҳәм 350 миллион долларлық экспорт әмелге асырылады. Өнимлер Бирлескен Араб Әмирликлери, АҚШ, Африка континенти ҳәм Европа мәмлекетлерине жеткерип бериледи.

“Infinity Copper Group” Өзбекстанда мыс қубырлары ҳәм фитинглер ислеп шығарыў көлеми бойынша жетекши орынды ийелеп, жәми төрт өндирис кәрханасын өз ишине алады.

Президентимиз елимизде мыс қубырлар ҳәм фитинглер ислеп шығарыўды буннан былай да раўажландырыў, жоқары қосымша қунға ийе санаат өнимлериниң үлесин арттырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Бундай заманагөй, бәсекиге шыдамлы кәрханалардың санын көбейтиў арқалы ишки базар талабын толық қанаатландырыў ҳәм экспорт потенциалын және де кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
ӨзА