Жоқары күшлениўли кабель ислеп шығарыўшы кәрхана менен танысылды

3

Президент Шавкат Мирзиёев 13-февраль күни Ташкент ўәлаятының Оҳангарон районына барып, жоқары күшлениўли кабель өнимлерин ислеп шығарыўға қәнигелескен “Enco Group”  кәрханасының жумысы менен танысты.

Елимизде энергетика тармағын жедел модернизациялаў, жаңа электр станциялары ҳәм подстанциялар қурыў, магистраль тармақларды жаңалаў және қайта тиклениўши энергия дереклерин кеңнен енгизиў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Экономика тармақлары ҳәм халықтың санының өсиўи нәтийжесинде электр энергиясына болған талаптың артып баратырғаны жоқары күшлениўли электр узатыў тармақларын раўажландырыўды талап етпекте. Сол себепли, жоқары күшлениўли кабель өнимлерине ишки ҳәм сыртқы базарларда турақлы талап қәлиплеспекте.

Жумысы усы талапты қанаатландырыўға қаратылған “Enco Group” кәрханасы Беларусь Республикасының “Energokomplekt” компаниясы менен биргеликте “Eltech Industrial”  технопаркы аймағында 21 гектар майданда қурылмақта. Жойбардың улыўма баҳасы дерлик 60 миллион долларды қурайды. Кәрхана толық қуўатлылыққа шыққанынан соң 600 ге шамалас жаңа жумыс орны жаратылады.

Жойбар еки басқышта әмелге асырылмақта. Кәрхана жылына 25 мың тонна өним ислеп шығарыўы, экспорт потенциалы 300 миллион долларды қурайтуғыны күтилмекте.

Ҳәзирги ўақытта қурылыс жумысларының биринши басқышы 98 процентке жуўмақланған, 10 миллион доллардан аслам инвестиция өзлестирилген. Кәрхана өнимлерин Германия, Латвия, Эстония, Болгария ҳәм ҒМДА мәмлекетлерине экспорт етиў режелестирилген болып, дәслепки есап-санақларға бола, жыллық экспорт көлеми 140 миллион долларға жетиўи болжанбақта.

Өткен жылы елимизге 400 миллион долларға шамалас жоқары күшлениўли кабель өнимлери ҳәм изоляцияланған мыс шиналар импорт етилген. Кәрхана толық иске қосылғаннан соң 150 миллион долларлық импорттың орнын басатуғын усындай өним ислеп шығарыў имканияты жаратылады.

Орайлық Азияда бундай бағдарда жумыс алып барып атырған 12 кәрхананың 4 и Өзбекстанның үлесине туўра келетуғыны атап өтилди. Бул елимизде электротехника санааты басқышпа-басқыш жоқары қосымша қун жарататуғын тармаққа айланып атырғанын көрсетеди.

Мәмлекетимиз басшысына кәрхананың келешектеги раўажланыў режелери, өндирис көлемин кеңейтиў, өним түрлерин көбейтиў ҳәм локализациялаў дәрежесин арттырыў бойынша усыныслар таныстырылды.

Президентимиз санаат кооперациясын кеңейтиў, жергиликли шийки заттан нәтийжели пайдаланыў, алдынғы технологияларды енгизиў ҳәм экспортқа қолайлы бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыўды буннан былай да күшейтиў бойынша жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер берди.

ӨзА