Орайлық Азия илимпазларының халықаралық форумы

6

Пайтахтымызда 11-февраль – Халықаралық илимдеги ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен «SheSCIENCE 2026” Орайлық Азия илимпазлары халықаралық форумы болып өтти.

Форум Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Азия раўажланыў банки ҳәм TWAS – Жәҳән илимлер академиясы менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Илажға мәмлекетлик басқарыў уйымлары, халықаралық шөлкемлер, илимий мәкемелер ҳәм жоқары билимлендириў системасының ўәкиллери, сондай-ақ, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстаннан 200 ге шамалас илимпаз ҳаял-қызлар қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамова, жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов, Илимлер академиясының президенти, Өзбекстан Қаҳарманы Шавкат Аюпов мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың илим тараўындағы жумысын қоллап-қуўатлаў мәселесине тийкарғы әҳмийет қаратылып атырғанын атап өтти.

Сондай-ақ, Азия раўажланыў банкиниң Өзбекстандағы ўәкилханасының директоры Канокпан Лао-Арая, Жәҳән илимлер академиясы – TWAS вице-президенти Сабаҳ Ал-Мумин Орайлық Азияда ҳаял илимпазларының илимий жумысын қоллап-қуўатлаў, гендер теңлигин тәмийинлеў ҳәм халықаралық илимий бирге ислесиўди раўажландырыў ҳаққында айтты.

Илаж регионда илим тараўында жумыс алып барып атырған ҳаял илимпазларды бирлестириў, олардың потенциалын арттырыў ҳәм халықаралық илимий бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылғаны менен әҳмийетли болды.

Форум шеңберинде илим ҳәм инновация, регионаллық ҳәм глобаллық бирге ислесиў, турақлы раўажланыў, экология, медицина, инженерлик, санлы технологиялар, биотехнология сыяқлы әҳмийетли бағдарлар додаланды.

Форум шеңберинде “Мўътабар аёл – 2025” көкирек белгиси менен сыйлықлаў ҳәм “Олима аёл – 2025” миллий грант таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими өткерилди. Таңлаў 2021-жылдан берли қәбилетли ҳаял илимпазларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған әҳмийетли баслама сыпатында әмелге асырылып келинбекте.

Сондай-ақ, илимий ҳәм инновациялық экосистемаларды интеграциялаў арқалы регионаллық раўажланыў мәселелерине бағышланған панель сессия шөлкемлестирилди. Оған БМШ, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм халықаралық илимий шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.

Форумның илимий бағдарламасы шеңберинде биология ҳәм медицина, экология ҳәм климат, математика, инженерлик ҳәм физика сыяқлы бағдарларда үш илимий сессия өткерилип, биотехнология, турақлы раўажланыў, санлы технологиялар, жасалма интеллект ҳәм инженерлик тараўларындағы әҳмийетли мәселелер додаланады.

Санларға итибар қарататуғын болсақ, 2025-жыл даўамында илимий жумысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде улыўма баҳасы 1 триллион 405 миллиард сумнан аслам болған 763 илимий жойбар әмелге асырылды. Бул жойбарлардың 214 ине, яғный 28 процентине илимпаз ҳаял-қызлар басшылық етип атырғаны ҳаял-қызлардың илимдеги потенциалы артып баратырғанын көрсетеди.

2025-жылы жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў басқышына қабыл етилген 17 мыңнан аслам излениўши ҳәм стажёр-изертлеўшилердиң дерлик 48 процентин ҳаял-қызлар қурады. Бүгинги күнде бул системада билим алып атырған 36 мыңнан аслам изертлеўшилердиң дерлик ярымы – ҳаял-қызлар.

“Академиялық ҳәрекетшеңлик” бағдарламасы шеңберинде 2025-жылы жеңимпаз болған 93 қатнасыўшының 40 процентин ҳаял-қызлар қурады.

Сондай-ақ, сырт ел илимий стажировкаларына жиберилген 145 жас илимпазлардың 24 проценттен асламы ҳаял-қызлар болып, олар Венгрия, Түркия, Қытай, Малайзия, Уллы Британия ҳәм Беларусь сыяқлы мәмлекетлерде илимий тәжирийбе арттырмақта.

Бүгинги күнде Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанындағы Жаслар академиясының 7 мың 400 ден аслам ағзасының 47 процентин ҳаял-қызлар қурайды.

Форум қатнасыўшылары «SheSCIENCE 2026” илажы Орайлық Азияда ҳаял илимпазлардың илимий жумысын қоллап-қуўатлаў, гендер теңлигин тәмийинлеў, жасларды илимге тартыў ҳәм халықаралық илимий бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет ететуғын әҳмийетли платформа екенин атап өтти.

Н.Усмонова, ӨзАның хабаршысы