Спорт арқалы бирлескен жаслар: футзал турнири өткерилди
21

11-12-февраль аралығында Нөкис қаласында 2012-жыллар арасында болып өткен Спорт мектеплери футзал лигасы өз жуўмағына жетти.
Жарысқа республикамыздың барлық аймақларынан командалар қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара беллести.
Оғада қызықлы өткен ойынлар жуўмағында, биринши орынды Кегейли районының спорт мектеби жеңип алыўға миясар болды.
Сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар болса, Қоңырат ҳәм Мойнақ районларының спорт мектеплери тәрбияланыўшыларына несип етти.
Өткерилген турнир соңында жеңимпаз командалар арнаўлы шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом, медаль ҳәм кубок пенен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги