Әндижан ўәлаятында реформалардың нәтийжелилиги ҳәм тийкарғы ўазыйпалар додаланды

Президент Шавкат Мирзиёев Әндижан ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳәм 2026-жыл ушын тийкарғы ўазыйпалар бойынша мәжилис өткерди.
Мәжилис алдында атап өтилгениндей, Әндижан – халқы ең тығыз жайласқан аймақ. Ўәлаятта 3,5 миллионнан аслам халық жасайды, ҳәр жылы 80 мыңға шамалас туўылыў дизимге алынбақта.
Жер ресурслары шекленген шараятта ҳәр бир гектар жер, ҳәр бир жойбар ҳәм ҳәр бир инвестиция жоқары қосымша қун ҳәм турақлы жумыс орнын жаратыўы шәрт екенлиги атап өтилди. Бул ўәлаят басшысы алдындағы ең тийкарғы ўазыйпа екени көрсетип өтилди.
2025-жылдың жуўмақларына бола, жалпы аймақлық өним 107,7 триллион сумды қурап, 6,8 процентке өсти. Санаат өнимлерин ислеп шығарыўда 7,2 процент, хызметлер көлеминде 15,1 процент, аўыл хожалығында 4,7 процент өсиў атап өтилди.
Усы жылы экономика ҳәм санаатты 8 процентке, хызметлерди 16,3 процентке, аўыл хожалығын 5,9 процентке арттырыў мақсет етилген. Сырт ел инвестицияларын 2025-жылдағы 2,5 миллиард доллардан 2026-жылда 3,5 миллиард долларға, экспортты 1,3 миллиард доллардан 1,5 миллиард долларға жеткериў режелестирилген.

2025-жылы 383 мың халықтың бәнтлиги тәмийинленген болса, 2026-жылы 489,5 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, жумыссызлықты 3,6 процентке, кәмбағаллықты 2,4 процентке түсириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Асака, Алтынкөл, Хожаабад, Шаҳрихон районлары ҳәм Әндижан қаласын жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймақларға айландырыў ўазыйпасы қойылды. “Аўыр” категориядағы Бостан, Пахтаабад ҳәм Улуғнар районларында кәмбағаллықты кеминде еки есеге қысқартыў белгиленди.
Усы жылы ўәлаятта 798 миллион долларлық жойбарларды иске қосыў режелестирилгени атап өтилди.
Соның ишинде, Асака, Булақбашы ҳәм Шахрихан районларында былғары-аяқ кийим, қурылыс материаллары ҳәм үскенелер ислеп шығарыўға қәнигелескен 3 микро санаат орайы шөлкемлестириледи. 110 аўыл ҳәм 26 шегара алды ҳәм алыс мәҳәллелерде аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў, киши суўытқышлы қоймаханалар шөлкемлестириў ҳәм микро санаат жойбарлары әмелге асырылады.
Әндижан районындағы “Жипек жолы” еркин экономикалық зонасында 100 гектардан аслам жер майданы бос тур. Жер ресурслары шекленген шараятта таяр инфраструктурасы бар майданларда жоқары қосымша қунлы жойбарларды жайластырыў, мыңлаған жумыс орынларын жаратыў имканиятынан толық пайдаланыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Ўәлаятта аўыл хожалығын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.

Быйыл пахташылықта өнимдарлықты арттырыў мақсетинде сырт ел сортлары жайластырылатуғын ҳәм алдынғы “76х10” схемасы тийкарында егилетуғын пахта майданларын кеңейтиў, 472 жаңа техника сатып алыў режелестирилген. 2 мың гектар аз нәтийжели ески бағлар интенсив бағларға айландырылады, 6,8 мың гектар жер пайдаланыўға қайта киргизиледи.
Жаңа тәжирийбе сыпатында Алтынкөлде гүл жетистириў, Избасканда нәл жетистириў, Асакада ыссыхана жетистириў, Қорғантепада овощ жетистириў, Булақбасыда жүзим жетистириў бойынша қыйтақ жер мектеплери шөлкемлестириледи.
2025-жылы ўәлаятқа 460 мың сырт ел ҳәм 1,8 миллион жергиликли турист келген. Усы жылы сырт елли туристлердиң санын 700 мыңға, жергиликли туристлерди болса 2,5 миллионға жеткериў мақсет етилген.
Усы мақсетте Булақбасыдағы “Ширманбулақ,” Хожабадтағы “Имам ата” ҳәм Ханабадтағы туризм орайларын раўажландырыў ушын өз алдына дирекция ашылады. Район ҳәм қала орайларындағы 91 мәҳәллени байланыстыратуғын ғалабалы көшелерде саўда, дем алыў ҳәм кеўилашар орынлар қурылады.
Әндижанда турақ жай мәселеси басқа аймақларға қарағанда бир қанша әҳмийетли. Усы жылы ўәлаяттағы “Жаңа Өзбекстан” массивлеринде 54, басқа аймақларда болса 158 көп қабатлы турақ жайлардың қурылыўы күтилмекте.

“Қурылысқа таяр жер” системасын енгизиў арқалы жойбарларды баслаў мүддетин 120 күннен 30 күнге шекем қысқартыў мүмкин екенлиги көрсетип өтилди. Жалақудықта усы жаңа система тийкарында заманагөй турақ жайлар қурыў бойынша тәжирийбе басланады.
Ўәлаятта 11 жоқары билимлендириў мәкемеси жумыс алып бармақта, 94 мыңнан аслам студент билим алмақта, 56 техникумда 46 мың оқыўшы кәсиплерге үйретилмекте. Жоқары оқыў орынларындағы илимий потенциалды арттырыў, дуал билимлендириў қамтып алыўын кеңейтиў илажлары белгилеп алынды.
Медициналық техникумларға тил үйретиў бойынша алдыңғы жеке меншик билимлендириў шөлкемлерин тартып, жылына 4 мыңнан аслам жаслардың Европа мәмлекетлеринде жумысқа жайласыўына жәрдемлесиў басламасы қоллап-қуўатланды.
Жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде Социаллық реестрге кирмеген шаңарақлардың қәбилетли перзентлерине де спорт, мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы басламалары ушын “Жаслар дәптери” қорынан 41 миллион сумға шекем субсидия бериў усыныс етилди. Президентимиз бул тәртипти Әндижан ўәлаятынан баслаўды тапсырды.
Мәмлекетимиз басшысы мәжилис жуўмағында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы Әндижан халқының турмысында анық ҳәм сезилерли нәтийже бериўи шәрт екенлигин атап өтип, жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.
ЎзА