Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Раҳмонқулов Миракбар Ҳожиакбаровичтиң қайтыс болыўына байланыслы кеўил билдириў

2

Белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Олий Мажлис Сенатының ағзасы, юридика илимлериниң докторы, профессор Раҳмонқулов Миракбар Ҳожиакбарович быйыл 11-февраль күни 74 жасында қайтыс болды.

Миракбар Раҳмонқулов 1952-жылы 5-октябрьде Ташкент қаласында туўылды. 1975-жылы Ташкент мәмлекетлик университетин (ҳәзирги Өзбекстан Миллий университети) ҳуқықтаныў бағдары бойынша тамамлап, Мәмлекетлик реже комитети жанындағы Экономика илимий-изертлеў институтында киши илимий хызметкер сыпатында мийнет жолын баслады. Кейин ала Өзбекистан Жаслар аўқамы Орайлық комитети, Өзбекистан Илимлер академиясы, Өзбекистан Жоқарғы Совети Президиумында түрли лаўазымларда хызмет етти.

1992-1994-жыллары Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетиниң биринши проректоры ўазыйпасында ислеп, сыртқы сиясат тараўында заманагөй билимге ийе маман кадрларды таярлаў жумысларына үлкен үлес қосты.

Миракбар Раҳмонқулов Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институтының директоры, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Әмелдеги нызам ҳүжжетлери мониторинги институты директорының орынбасары лаўазымларында жумыс алып барып, елимизде социаллық-экономикалық, сиясий турақлылық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша әҳмийетли стратегиялық изертлеўлерге басшылық етти.

Мәмлекетимиздиң ишки ҳәм сыртқы сиясатына байланыслы мәмлекетлик бағдарламаларды, концептуаллық ҳүжжетлер ҳәм нызамлардың жойбарларын ислеп шығыўға белсене қатнасты.

Ҳәзирги ўақытта потенциаллы илимпаз сыпатында регионаллық қәўипсизлик мәселелери, сырт мәмлекетлер менен көп тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў перспективаларына бағышланған бир қатар монография ҳәм илимий-методикалық қолланбалар жаратты.

Тәжирийбели сиясатшы, белсенди ҳәм интакер мәмлекетлик хызметкер сыпатында М.Раҳмонқулов көп жыллар даўамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Миллий қәўипсизлик кеңесиниң хаткери ўазыйпаларында хызмет етти. 2022-жылдан баслап Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясында жуўапкерли ўазыйпаларда ислеп, өзиниң бай тәжирийбесин, терең билим ҳәм потенциалын, пидайылық ҳәм ўатансүйиўшилик пазыйлетлерин көрсетти.

Соңғы жыллары ол Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Нызамшылық ҳәм ҳуқықый сиясат институтын басқарыў менен бирге, Олий Мажлис Сенатының ағзасы сыпатында да нәтийжели жумыс алып барды.

Миракбар Раҳмонқуловтың мәмлекетимиз ҳәм халқымыз алдындағы үлкен хызметлери мүнәсип сыйлықланды. Ол “Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен юрист” ҳүрметли атағы, “Фидокорона хизматлари учун” ҳәм II дәрежели “Шон-шараф” орденлери менен сыйлықланған еди.

Белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, көрнекли ҳуқықтаныўшы илимпаз, жаслардың меҳрибан устазы, ҳақ кеўил ҳәм кишипейил инсан Миракбар Раҳмонқуловтың естелиги кеўиллеримизде мәңги сақланып қалады.

 

Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмоилов,

А.Арипов, Ш.Аюпов